Атап өтилиўинше, қысқы Азия ойынларында 6 спорт түринде 24 спорniы қатнасыўы белгиленди.

Бул ҳәм спорт түри, ҳәм атлетлер саны бойынша делегациямыз ең үлкен қурамда қатнасатуғын қысқы Азия ойынлары болады.

Болажақ жарыста елими       здиң абырайын қорғайтуғын спортшылар менен танысың:

Шорт-трек: Даниил Ейбог ҳәм Денис Айрапетянс;

Конькида жуўырыў: Данила Семериков;

Таў-лыжасы: Медет Назаров, Арман Гаюпов, Никита Горковский, Сабина Режепова, Валерия Ковалёва, Ксения Григорева, Мария Морозова;

Лыжа альпинизми: Моҳинур Аралова, Феруза Бабакулова, Эъзоза Шаймарданова, Асила Шойимова, Жасур Шамсиддинов, Мақсудхан Акобиров, Шаҳруҳ Сардоров, Эъзозбек Хушвақтов.

Фигуралы ушыў: Екатерина Гейниш, Дмитрий Чигирев, Нигинабону Жамолиддинова, Севинч Раҳимова;

Биатлон: Ролан Раимқулов, Дилмурод Абдураҳмонов.

Ашылыў мәресими 7-февраль күнине белгиленген болып, атлетлеримиздиң қатнасыўы мине усы сәнеден басланады.