Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасы жетилистириледи

    3 қаңтар 2025 575

    "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-465-санлы, 30.12.2024-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, атыз шетлери ҳәм халықтың қыйтақ жерлери, квартиралар ҳәм көп қабатлы жайлар алдында, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жетилистириў бойынша төмендеги жаңа тәртип енгизиледи:

    аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў бойынша:

    - Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине атыз шетлеринде ҳәм халықтың қыйтақ жерлери, квартиралар ҳәм көп қабатлы жайлар алдында, мәҳәллениң ишки көшелеринде өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллер жеткерип бериў және жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленеди;

    - Агентлик жыл даўамында дәраматлы егинлер егиў ҳәм оларды экспорт етиў ушын мийўе-овош өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлердиң талапларын үйренеди.

    атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша:

    - ишки фитосанитариялық сертификат бир жыл даўамында бийпул бериледи;

    - атыз шетлерине егилген “in-vitro” усылында жаратылған мийўели нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ ҳәр бир мийўели нәлге 25 мың сумнан аспаған ҳалда Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорынан белгиленген тәртипте субсидия ажыратылады.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates