Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде қамсызландырыў системасы енгизиледи

    4 наурыз 2025 518

    Нызамшылықта аўыл хожалығы егинлерине қәўип-қәтерлер себепли зыян жеткерилген жағдайларда зыянның орнын қаплаўдың ҳуқықый тийкары жаратылмақта.

    Нызамшылық палатасының депутатлары "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам жойбарын екинши оқыўда қабыл етип, Сенатқа жиберди.

    Нызам жойбары менен аўыл хожалығы өндириўшилерин қамсызландырыў қағыйдаларына тийкарланып аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде

    тәбийий апатлар, өрт, өсимликлердиң кеселликлер ҳәм зыянкеслерден зыян көриўи, ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерден набыт болыўы ҳәм зәҳәрлениўи және жабайы ҳайўанлар тәрепинен егинлердиң басып тасланыўы ямаса аўыл хожалығы ҳайўанларына зыян жеткерилиўи бойынша қамсызландырыў шәртнамаларын дүзиў нәзерде тутылмақта.

    Сондай-ақ, аўыл хожалығы қамсызландырыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеў, аўыл хожалығы тараўында қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў процесинде қатнасыўшы субъектлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери сәўлелендирилмекте.

    Жойбарда аўыл хожалығы қамсызландырыў қорын шөлкемлестириў, қордың дәраматлары ҳәм қәрежетлери, қамсызландырылыўы керек болған қәўип-қәтерлер, қамсызландырыў сыйлықлары бойынша субсидиялар бериўдиң ҳуқықый тийкарлары да белгиленбекте.

    Депутатлардың айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи менен мәмлекетимизде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде қамсызландырыў системасы енгизиледи ҳәм өним жетистириўшилерге қолайлы шараятларды жаратыўға аўыл хожалығы егинлерине қәўип-қәтерлер себепли зыян жеткерилген жағдайларда зыянның орнын қаплаўдың ҳуқықый тийкары жаратылады.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates