Бүгинги күнде аўыл хожалығында механизация дәрежеси 81 процентти қурамақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары 1 мың 756 пахта териў машинасы сатып алынып, теримди механизациялаў дәрежеси 52 процентке жеткерилди. Өткен мәўсимде машиналар жәрдеминде 2,1 миллион тонна пахта жыйнап алынды. Соның есабынан кейинги бес жылда қол мийнети 1,8 есеге қысқарды.

Гезектеги ўазыйпа - пахтаны машинада териў көлемин кеминде 70 процентке жеткериў. Оның ушын 2026-жылы 800 пахта териў машинасы, 6 мың дана сеялка, трактор ҳәм комбайн сатып алыў режелестирилген. Улыўма, бир жылда 10 мың техника алып келип, улыўма техника паркин 292 мыңға жеткериў мөлшерленген.

Фермерлерге жаңа техникаларды қолайлы шәртлерде лизингке бериў ушын халықаралық финанс институтларының 400 миллион доллар қаржысын тартыў режелестирилген. Техникалар 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 18 процент ставкада миллий валютада 10 жылға шекемги мүддетке бериледи ҳәм кредит ставкасының 8 проценти бюджет есабынан қаплап бериледи.

Презентацияда аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў, өзимизде ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўди кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.

2026-2028-жылларда жергиликли техника ҳәм агрегатлар ислеп шығарыў көлемин 5 есеге, локализациялаў дәрежесин 10 процентке арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, 2026-жылы өндирис көлемин 6 мың данаға жеткериў, 2028-жылға шекем локализациялаў көрсеткишин өзи жүретуғын техникалар ушын 30-35 процентке, аспа ҳәм тиркеў техникалары ушын 60-65 процентке жеткериў режелестирилген.

Техника ҳәм агрегатлар сатып алыўды субсидиялаўдың әмелдеги системасы тек ғана локализация дәрежеси 25 проценттен жоқары болған машиналарға қолланылады. Презентацияда ең көп талап болған үш түрдеги импорт техника ушын да субсидия ажыратыў усыныс етилди. Улыўма, усы жылы техникалардың 15 процент баҳасын қаплаў ушын 660 миллиард сум қаратыў нәзерде тутылған.

Презентацияда Ташкент трактор заводын саламатландырыў ҳәм оны қоллап-қуўатлаў илажлары да көрип шығылды.

Тараўда заманагөй банк хызметлерин көрсетиў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тийкарындағы шешимлерди енгизиў илажлары көрсетип өтилди.

2025-жылы "Агробанк" АТБ тәрепинен аўыл хожалығы техникалары ушын 1,6 триллион сум кредит берилген болса, усы жылы бул көрсеткишти 3,9 триллион сумға жеткериў режелестирилген. Кредитлеў процесслерин автоматластырыў есабынан қаржы ажыратыў мүддети 3 күннен 3 саатқа қысқарады.

Буннан тысқары, қарыйдарларға комплексли аўыл хожалығы хызметлери көрсетиледи. Ҳәр бир аймақта биреўден агрохызмет көрсетиў зонасы шөлкемлестирилип, онда агроагент жумыс алып барады. Бул зоналарда фермерлер бир жердиң өзинде банк ҳәм консалтинг хызметлеринен пайдаланыўы, мониторинг, топырақ анализи, нәл жеткерип бериў, агроном мәсләҳәтинен пайдаланыўы, оқыў курслары ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин болады.

Сондай-ақ, банк тәрепинен шарўашылық, бағшылық ҳәм "ақыллы" суў басқарыўында жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда тәжирийбе жойбарларын әмелге асырыў, аўыл хожалығындағы стартапларды қаржыландырыў ушын устав капиталы 100 миллиард сум болған жаңа венчур компаниясын шөлкемлестириў режелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге аўыл хожалығын механизациялаўды буннан былай да кеңейтиў, жергиликли өндирис ҳәм сервисти раўажландырыў, санлы платформалар арқалы мониторинг ҳәм қаржы хызметлерин жақсылаў бойынша тапсырмалар берди.