Нызамшылыққа фидуциар миннетлемелер институты кирип келмекте

    15 сәуір 2025 427

    Депутатлар акционерлик жәмийетлериниң атқарыўшы уйымы, бақлаў кеңеси ҳәм мажоритар акционерлердиң жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбарын екинши оқыўда қабыл етти.

    Нызам жойбарында жәмийеттиң исенимли басқарыўшысының, бақлаў кеңеси ағзаларының, жәмийет директорының жәмийетке жеткерген зыяны ушын жуўапкершилигин күшейтиў нәзерде тутылмақта.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимовтың өз телеграм каналында жазыўынша, нызамшылыққа фидуцар миннетлемелер институты кирип келмекте.

    Фидуциар миннетлемелер төмендегилерди өз ишине алады:

    ҳүжданлы ҳәрекет етиў;

    жәмийеттиң мүлкинен жәмийеттиң уставы ҳәм ишки ҳүжжетлерине қайшы түрде, жеке мәплерин гөзлеп пайдаланбаў ҳәм басқаларға бундай ислеўге жол қоймаў;

    жәмийеттиң тийкарғы жумыс бағдарларына тән болған тараўда исбилерменлик жумысын басқарыў уйымларының келисимисиз әмелге асырмаў;

    мүлклик мәп есабынан қарарлар қабыл етпеў.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates