Баслық Рустам Минниханов делегацияны қутлықлап, Қарақалпақстан мәденият күнлери шеңбериндеги илажлардың табыслы шөлкемлестирилгени ҳәм "Қазандағы Шығыс базары" халықаралық миллий мәденият фестивалында қатнасып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Татарстан ҳәм Өзбекстан аймақлары арасындағы тығыз қатнасықлар жоқары баҳаланып, усы жылдың май айында Россия жоқары дәрежедеги делегациясының Өзбекстанға сапары шеңберинде Ташкент қаласында болып өткен Аймақлараралық форум шеңберинде Қарақалпақстан ҳәм Татарстан арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы келисим өз-ара байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм саўда-экономикалық және мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, бизнес делегацияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириў, туризм тараўын ғалаба ен жайдырыў ушын " roadshow " ҳәм инфотурлар өткериў, студентлер билимлендириўин шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.