Қарақалпақстан үлкен аймаққа ҳәм пайдалы қазылма байлықларына ийе болғаны себепли үлкен экономикалық ҳәм инвестициялық потенциалға ийе. Атап айтқанда, ўәлаятта 270 миллион тонна цемент, 256 миллион куб метр қурылыс ҳәм безеў таслары, 200 миллион тонна ҳәк, 31 миллион куб метр керамзит, 30 миллион куб метр қурылыс қумы, 27 миллион куб метр гербиш шийки заты, 6,9 миллион тонна шийше, 6,5 миллион тонна гипс, 4,3 миллион тонна вермикулит резерви анықланған.

Соның менен бирге, қала, район ҳәм аўыллар арасындағы аралықлардың узақлығы ҳәр бир аймақтың салыстырмалы үстинликлеринен нәтийжели пайдаланыўды, жумысты анық есап-санақлар тийкарында шөлкемлестириўди талап етпекте. Улыўма етип айтқанда, исбилерменлер саламат орталық, қолайлы шараят, әдил ҳәм ашық-айдын система бар жерде жумыс ислеўди қәлейди. Бундай аймаққа қаржы ҳәм инвесторлар кирип келеди.

Презентацияда соңғы жыллары Қарақалпақстанның экономикасында сезилерли өзгерислер жүз бергени атап өтилди. Атап айтқанда, буннан 8 жыл алдын ўәлаят экономикасы халықтың жан басына есаплағанда ең ақырғы орында турған болса, бүгин 7-орынға көтерилди. Бурын санаат өнимлериниң тек ғана 4 проценти экспорт етилген болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жеткен. Экспорттың улыўма көлеми 2016-жылға салыстырғанда 3,5 есеге артып, 2,1 миллиард долларды қурады.

Келеси 5 жылда ўәлаят экономикасын 102,5 триллион сумға (2025-жылы 54,3 триллион сум) ҳәм халықтың жан басына көрсеткишти 51 миллион сумға жеткериў, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 7,2 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Санаат, хызметлер ҳәм туризм экспортын 900 миллион долларға (2025-жылы бул көрсеткиш 435 миллион доллар болған) жеткериў ушын барлық имканиятларды иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жылдың ақырына шекем жумыссызлықты 4,2 процентке, кәмбағаллықты 3,2 процентке түсириў, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары және 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў режелестирилген. Буннан тысқары, Бозатаў, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Шоманай районлары және шараяты аўыр аймақларға бириктирилген 90 мәҳәлледе кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Презентацияда инвестицияларды тартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде ўәлаятқа бурын берилген жеңилликлердиң мүддетин созыў усынысы алға қойылды. Президент бул усынысты қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстанға тиккелей сырт ел инвестицияларының көлемин 2,5 есеге арттырыў (2025-жылы 3,5 миллиард доллар болған) мақсет етилген.

Ўәлаят ушын ислеп шығылған ири инвестициялық жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Тақыятас районында жасалма интеллект тараўы ушын модулли интеллектуаллық есаплаў орайын шөлкемлестириў, автомобиль санааты ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўға қәнигелескен технологиялық кластер қурыў, Нөкис қаласында базальт талшығын ислеп шығарыў, шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў, Қараөзек районында көмирден алтын алыў заводы ҳәм Тахтакөпир районында ийириў фабрикасын шөлкемлестириў, Шымбай районында ийирилген жип ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары усылардың қатарына киреди.

Қарақалпақстанның жер ресурсларынан аўыл хожалығында пайдаланыў дәрежеси аймақтың потенциалына сәйкес емеслиги көрсетип өтилди. Бар майданлардың тек ғана 2,5 проценти егилгени, қалған 16 миллион гектардан дерлик пайдаланылмай атырғаны атап өтилди. Жергиликли ықлымға сай жаңа егин түрлерин излеп табыў, оларды жетистириў бойынша илимий-әмелий тәжирийбелер өткериў, сондай-ақ, фармацевтика санаатында талап жоқары болған қурғақшылық ҳәм шорға шыдамлы дәрилик шөплерди үлкен майданларда жетистириў есабынан экспортты арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Министрлер Кеңеси Баслығының жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Усы жылы 10 мың гектар жайлаўларды қайта тиклеў, өсимликлерди жасалма интеллект тийкарында мониторинг етиў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Быйыл Қоңырат, Шымбай, Беруний, Бозатаў ҳәм Қанлыкөлде шарўа азықлығын жетистириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары басланады. Беруний районында жылына 36 мың тонна шарўа ҳәм балық азық-аўқатын жетистириў қуўатлылығына ийе заманагөй агрокомплекс пайдаланыўға тапсырылады.

Туризмди аймақты раўажландырыўдың тийкарғы драйверлеринен бирине айландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

"Барсакелмес" дуз кәни аймағында "Жер айнасы" бренди астында туристлик-рекреация зонасы, Аралбойы ҳәм Үстирт тегислигиндеги Марс ландшафтын еслететуғын орынларда глемпинг зоналары шөлкемлестириледи. Теңиз қурыўы ақыбетлерин пүткил дүньяға көрсетиў мақсетинде Арал теңизи тарийхы музейи ашылады.

Бул жумыслар есабынан быйыл Қарақалпақстанға 500 мың сырт ел ҳәм 3 миллион жергиликли туристлерди тартыў ўазыйпасы қойылды. Аймақтың туристлик тартымлылығын арттырыў мақсетинде белгили туроператорлар арасында қосымша жеңилликлер бериледи.

Интеллектуаллық жойбарлар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа системаны Қарақалпақстаннан баслаўға келисип алынды. Жаслар социаллық-экономикалық орайында IТ-университет ҳәм стартаплар ушын технопарк шөлкемлестириў режелестирилген. Буннан тысқары, жасалма интеллектти раўажландырыўға 5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, мағлыўматларды қайта ислеў, булытлы хызметлер ҳәм есаплаў орайларының имканиятларынан пайдаланыўды 10 есеге арттырыў режелестирилген. Усы жылы Қарақалпақстанда баҳасы 1 миллион долларлық 10 стартап жойбарын баслаў, бул ушын Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорынан ҳәр жылы 30 миллиард сум ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.

2027-жылдың ақырына шекем Қоңыратта халықаралық стандартларға сәйкес, "қурғақлық порты" статусына ийе болған Арал логистика орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы Қарақалпақстанда инфраструктуралық жойбарларға 150 миллиард сум, орайласқан суў тәмийнатын жақсылаўға 2,2 триллион сум қаратылады. Ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, суў бөлистириў ҳәм тазалаў имаратлары және жоллар қурыў жойбарларына 200 миллион доллар тартылады.

Мәжилис жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев жуўапкерлерге Қарақалпақстанда белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын барлық имканият ҳәм ресурсларды максимал дәрежеде иске қосыў, ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледеги жумысларды анық есап-санақ ҳәм мәнзилли қатнас тийкарында шөлкемлестирип, халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған илажлардың әмелий нәтийжесин жедел тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.