Атап өтилиўинше, Елликқала районында "Зарбдор" тәжирийбеси бойынша Ақшакөл бойында улыўма 73,4 млрд. сум қаржы тийкарында туризм рекреациялық зонасын шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде көл бойына толық инфраструктура менен тәмийинлеў арқалы 3 мийманхана, 18 мийман үйи, 20 қара үй, 2 ресторан сыяқлы туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайластырылады. Жойбар иске қосылыўы менен 75 жумыс орны жаратылыўы белгиленген.

