Өзбекстанда ишки авиақатнаўлардың кеңейтилиўи туризм ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Жаңа жөнелислер тийкарғы тарийхый ҳәм туристлик орайлар арасындағы сапар ўақтын қысқартыў, сондай-ақ, аймақлардың өз-ара байланыслылығын жақсылаў имканиятын береди. Атап айтқанда, «Centrum Air» авиакомпаниясы 24-июньнан баслап Самарқанд - Үргенш жөнелиси бойынша ҳәптесине үш мәрте пәрўазларды жолға қояды. 25-июньнан баслап болса Бухара - Үргенш, Самарқанд - Бухара ҳәм Бухара - Ташкент жөнелислеринде ҳәптесине еки мәрте пәрўазлар әмелге асырылады.
Ташкент - Үргенш жөнелиси бойынша болса әллеқашан ҳәр күни (сийшембиден тысқары) пәрўазлар әмелге асырылып атыр, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.
Ишки авиақатнаўлардың кеңейиўи туристлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратып, әҳмийетли тарийхый ҳәм мәдений орайларға барыўды аңсатластырады. Транспорт инфраструктурасының жетилистирилиўи ишки туризмди раўажландырыў, регионлар экономикасын хошаметлеў ҳәм олардың улыўма миллий туристлик ағымға қосылыўына жәрдем береди.

