Қарақалпақстанда аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи

    Ҳүкимет 23 желтоқсан 2024 2442

    Президент Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында қосымша имканиятларды иске қосыў, инвестицияны көбейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша 2025-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

    Быйыл Қарақалпақстан ушын берекетли келди, деп айтыў мүмкин. Жаңа санаат кәрханалары, туризм дәргайлары, энергетика қуўатлықлары, IТ-парк иске түсирилди. Қарақалпақстанды Хорезм менен байланыстыратуғын 423 метрлик жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпири ашылды. Бул арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы 180 километрге қысқарды.

    323 миллион доллар есабынан жаңадан қурылған "Қоңырат-Бейнеў" автомобиль жолының 240 километр бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Соның өзи транзит ҳәм басқа да хызметлердиң көлеми жылына 200 миллион долларға артыўына тийкар жаратады. Жақында 196 километрлик "Мискин - Нөкис" темир жолын электрлестириў жумыслары да басланады.

    Аймақта санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден аслам жеңилликлер берилген. Атап айтқанда, инвестициялық жойбарлар ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген.

    Өзбекстан Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи быйыл Нөкисте өткерилип, аймақтың потенциалы көрсетип берилди. Сырт елли инвестор ҳәм қәнигелер де ол жерде дәрамат табыў ушын үлкен имканиятлар пайда болғанын айтпақта.

    Мәселен, бар экономикалық потенциал комплексли талланып, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызметлер тараўында 2,5 миллиард долларлық имканиятлар анықланған.

    Ҳәзир 87 мың гектар пахтадан орташа 28 центнер зүрәәт алынбақта, 10 районда рентабеллик төмен. Экспертлер бундай аз зүрәәтли пахта майданларын қысқартып, орнына мал азықлығы ҳәм гүнжи егиўди усыныс етпекте. Азықлық егинлер есабынан 6,5 триллион сумлық гөш ҳәм сүт жетистириў, гүнжиден экспортты 500 миллион долларға көбейтиў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген. Бул арқалы көп суў үнемленеди.

    Сондай-ақ, Мойнақтың өзинде кеминде 1 миллиард долларлық туризм жойбарлары ушын потенциал бар. Бир пүтин комплекслерди иске түсирип, 1 миллион туристке хызмет көрсетиў ҳәм 5 мың халықты дәраматлы етиў мүмкин.

    Этно ҳәм экотуризм бойынша да имканиятлар толық иске қосылмай атыр. Савицкий музейи, "Шылпық" естелиги, Аяз қала, Топырақ қала сыяқлы 200 ден аслам дыққатқа ылайық орынлар, 10 нан аслам халық ойынлары бар. Бул да 3 миллион туристти тартып, бир неше күн айланыў ушын бағдарлама.

    Бундай имканиятларға ийе республиканың жуўапкерлери, район ҳәкимлериниң ўазыйпасына жеке жуўапкершилигин арттырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Исбилерменлерге аймақтың потенциалын көрсетип, жойбар усыныс етиў, бизнеске жәрдемлесиў керек. Сонда, жаңадан-жаңа жумыс орынлары, қосымша қун ҳәм экспорт болады, адамлардың дәраматы көбейеди.

    Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы усындай имканиятларды иске қосыў, инвестиция ҳәм жумыс орынларын көбейтиў бойынша режелерин таныстырды.

    Мәмлекетимиз басшысы олардың қурамына итибар қаратты. Атап айтқанда, келеси жыл ушын режелестирилген 3,1 миллиард доллар инвестицияның тек ғана 500 миллион доллары аймақлық жойбарларға туўра келеди.

    Соның ушын районлардағы барлық имканиятларды жумсап, бул қатнасты көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Оның ушын қосымша 1 миллиард долларлық аймақлық жойбарлар қәлиплестирилип, 120 кәрхана иске қосылады. Экспорт муғдары 500 миллион долларға жеткериледи.

    85 ири кәрхана толық қуўатлылыққа алып шығылады. Сондай-ақ, жаңа кәрханалар, саўда ҳәм сервис майданлары шөлкемлестирилип, 150 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Нәтийжеде жумыссызлық дәрежеси 5,4 процентке түспейди. 20 мың жәрдемге мүтәж шаңараққа дәрамат дәреги жаратылып, кәмбағаллықты 7,6 процентке азайтыў илажлары көриледи.

    Ҳәзирги күнде Қарақалпақстанда 1 гигаваттлы самал электр станциясы қурылмақта. Жәми 9,3 гигаваттлы бундай станциялар қурыў бойынша жойбарлар басланбақта. Бул - жылына 33 миллиард киловатт саат электр энергиясы, дегени. Тәбийий газ бойынша да қолайлық көп.

    Соның ушын металлургия, химия, қурылыс материаллары сыяқлы тармақлардағы көп энергия талап ететуғын ири жойбарларды Қарақалпақстанда жайластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    Аўыл хожалығында да нәтийжелиликти арттырыў зәрүр. Суўғарылатуғын жерлерде жәми 3 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзимзар жаратылады. 31 мың гектарда гүнжи, 22 мың гектарда мәш егилип, экспортқа бағдарланады. 30 мың гектарда боян тамыр егиў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады.

    Булар Қарақалпақстандағы имканиятлардың айырымлары ғана. Оларды нәтийжели иске қосыў аймақтың жедел раўажланыўын тәмийинлейди.

    Соның ушын Қарақалпақстанда 3 тийкарғы бағдарды - аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша жойбар офиси шөлкемлестириледи. Бул структура ҳәр бир районның өсиў ноқатларын таллап, қандай егинлерди жетистириў, жерден дәраматты көбейтиўге жәрдем береди. Шийки зат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар таярлап, ҳәкимлерге жеткереди. Жаңа туризм бағдарларын ашыў ҳәм оларға инфраструктура алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығады.

    Жуўапкерлерге инвестициялық жойбарлардың барысы, бәнтлик ҳәм экспорт режелериниң тәмийинлениўин айрықша қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди. Абырайлы сырт ел экспертлерин тартып, ҳәр бир районды раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates