"Казинформ" халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматына бола, санаат кооперациясы орайы Қазақстанның "Атамекен" ҳәм Өзбекстанның "Гүлистан" қадағалаў-өткериў пунктлери жанында жайласады.
Атап өтилиўинше, бул орай өндирис майданлары, қоймаханалар ҳәм транспорт инфраструктурасынан ибарат болады, бул болса жүк тасыўды тезлестириў, логистика қәрежетлерин азайтыў, тәмийнат шынжыры қатнасыўшыларының санын қысқартыў, сондай-ақ, соңғы тутыныўшы ушын өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў имканиятын береди.
"Орайдың улыўма майданы 100 гектар етип белгиленген. Бул аймаққа регионаллық санаат зонасы статусы бериледи, - деп жазған дәрек. - Дәслепки есап-санақларға бола, зәрүр инвестициялар шама менен 27 миллиард теңгени (шама менен 54 миллион АҚШ доллары) қурайды".
Сондай-ақ, материалда "Бул халықаралық санаат кооперациясы орайы жаңа жумыс орынларын жаратыў, аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин қайта ислеў, фармацевтика, электротехника, химия, былғары, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаатында өндиристи раўажландырыўға жәрдемлеседи", - деп депутат Алишер Сатвалдиевтиң сөзлеринен сөз келтирилген.
Февраль айының басында депутатлар "Қазақстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети арасында "Орайлық Азия" санаат кооперациясы халықаралық орайының жумысын тәртипке салыў ҳаққындағы келисимди ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам жойбарын мақуллады.
Буннан тысқары, Ташкентте Қазақстан, Астанада болса Өзбекстан саўда орайлары қурылыўы мүмкин.