Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткериў нәзерде тутылған.
Саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аграр тараў, суў ресурслары, мәдений-гуманитарлық жойбарлар сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери күн тәртибиниң тийкарғы темалары болады.
Регионаллық ҳәм глобал сиясаттың әҳмийетли мәселелери, көп тәреплеме форматлар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылады.
Халықаралық санаат кооперациясы орайын ҳәм бир қатар қоспа жойбарларды иске қосыў, Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.
Қазақстан Республикасы Президенти Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында да қатнасады.









