"Kazinform" халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматына бола, Жетису ўәлаяты исбилерменлери менен ушырасқан Өзбекстанның Қазақстандағы елшиси Бахтиёр Ибрагимов бул басламаның әмелге асырылыўы ҳаққында айтты.
Буннан тысқары, дипломатиялық миссия басшысы Өзбекстанның экономикалық байланысларды раўажландырыўға қаратылған илажларын сыпатлап берди. Атап айтқанда, Ташкент мәмлекетлик шегараларындағы қадағалаў-өткериў пунктлери оңланбақта. Оның сөзлерине бола, бул товар алмасыў көлеминиң артыўына тиккелей хызмет етеди.
"Kazinform" ХАА, сондай-ақ, өткен жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар алмасыў көлеми 4,2 миллиард доллардан артқанын атап өткен.