баннер
14 Apr 2025
05:11

    Қазақстанның Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan” шоу-руми ҳәм саўда қоймаханасы ашылды

    Бул шоу-рум ҳәм саўда қоймаханасы Ақтаў қаласының орайында жайласқан болып, 1800 кв.м майдан Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен ижараға алынған.

    Қазақстанның Ақтаў қаласындағы “Oil City” көргизбе комплексинде “Made in Uzbekistan” ярмаркасы шеңберинде шоу-рум, миллий көргизбелер өткериў ушын майдан ҳәм саўда қоймаханасы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Саўда-санаат палатасының мәлимлеме хызмети хабар берди.

    Бул шоу-рум ҳәм саўда қоймаханасы Ақтаў қаласының орайында жайласқан болып, 1800 кв.м майдан Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен ижараға алынған.

    "Шоу-румның тийкарғы мақсети мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын көрсетиў, халықты арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан исбилерменлери арасында жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыўдан ибарат.

    Шоу-румның тийкарғы бағдарлары төмендегилерди өз ишине алады: азық-аўқат, тоқымашылық, өнерментшилик, былғары, электротехника ҳәм қурылыс өнимлери.

    Жыл даўамында бул шоурумда республика бойынша кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылып атырған миллий өнимлерди жайластырыў ҳәм сатыў имканияты бар", делинеди хабарда.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech