Оған бола, төмендегилер "Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди:

- радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм тәртипке салыў бойынша илимий изертлеўлер ҳәм илимий-техникалық жумыслар тийкарында усыныслар ислеп шығыў;

- атом энергиясынан пайдаланыў объектлериниң ҳәм (ямаса) атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумыстың қәўипсизлигин тийкарлаўға байланыслы экспертиза өткериў;

- атом энергиясынан пайдаланыў тараўында радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги бойынша нормативлик базаны раўажландырыў ҳәм жетилистириў;

- радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги мәселелери бойынша мәмлекетлик бағдарламалар, халықаралық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда, сондай-ақ, қадағалаў ҳәм лицензиялаў жумысын техникалық, аналитикалық және экспериментал қоллап-қуўатлаўда қатнасыў;

- радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында алдынғы технологияларды қолланған ҳалда илимий тийкарланған қәўипсизлик, моделлестириў ҳәм есаплаў анализин өткериў;

- радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, жаратыў, қәлиплестириў ҳәм сақлаў;

- өз ўәкиллиги шеңберинде халықаралық бирге ислеўди ә- радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында алдынғы технологияларды қолланған ҳалда илимий тийкарланған қәўипсизлик, модельлестириў ҳәм есаплаў анализин өткериў;

- радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, жаратыў, қәлиплестириў ҳәм сақлаў;

- өз ўәкиллиги шеңберинде халықаралық бирге ислеўди әмелге асырыў.