Кейинги жылларда мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў, әдил жәмийет қурыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Конституцияда белгиленгениндей, Өзбекстан социаллық мәмлекет сыпатында пуқаралардың абаданлығын тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж категорияларды қоллап-қуўатлаў, жәмийетте мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ғамқорлық орталығын беккемлеўди тийкарғы ўазыйпа деп биледи. Бул принциплер, әсиресе, сақаўат ҳәм аўызбиршилик қәдириятлары анық әмелий жумыслар менен беккемленген Рамазан айында айқын көринеди.
Мәмлекетимиз басшысы мүбәрек Рамазан күнлеринде кекселер, жалғыз баслы ҳәм жәрдемге мүтәж инсанларға ғамқорлық етиў, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақларға әмелий жәрдем бериў жоқары әдеп-икрамлылық екенин атап өтти.
Мәжилисте "Рамазан - мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы" сүрени астында ислеп шығылған комплексли илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Оларды әмелге асырыў ушын "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фондына 750 миллиард сум, Социаллық қорғаў миллий агентлиги арқалы 300 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Ажыратылып атырған қаржылар есабынан мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды емлеў ҳәм хирургиялық операциялардың қәрежетлерин қаплаў нәзерде тутылған.
Усы жылдың январь айында өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз ҳәр қыйлы радикал ҳәм экстремистлик идеялар мәлимлеме технологиялары арқалы жаслардың санасына тәсир көрсетиўге урынып атырған бир шараятта бул машқаланы тек ғана жазалаў ҳәм қадаған етиў менен шешиў мүмкин емеслигин атап өткен еди.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы келешек әўладтың тәрбияшысы болған ҳаял-қызларды бузғыншы идеялар тәсиринен қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме руўхый ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.
Жат идеялар тәсирине түсип қалған шахсларды социалластырыў, оларға материаллық жәрдем бериў, шаңарағы менен жеке ислесиў, медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў, кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Президентимиз ҳәр бир мәҳәлледе жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизимлерин анық ҳәм ашық-айдын қәлиплестириў, пуқаралардың дини, миллети ҳәм социаллық келип шығыўына қарамастан, оларға тең ҳәм әдил жәрдем бериў зәрүрлигин айрықша атап өтти. Жуўапкер уйымларға бул бағдарда қатаң қадағалаў орнатыў ўазыйпасы қойылды.