Атап айтқанда, аймақтың жалпы аймақлық өними 2017-жылы 13,5 триллион сумды қураған болса, 2025-жылдың басында бул көрсеткиш 4 есеге өсти, яғный 52 триллион сумды қурады. Кәрханалардың саны 29 мыңға жетти. Бул 2017-жылдағыға салыстырғанда 3 есеге көп дегени. Халықтың жан басына жалпы аймақлық өнимниң баҳасы 23 миллион сумға жетти. Аймақлық кәрханаларда санаат өнимлериниң көлеми 4,3 есеге көбейди. Ислеп шығарылған өнимниң көлеми 7 триллион сумнан 31 триллион сумға жеткен болса, 2025-жылы товарлар экспорты 2017-жылға салыстырғанда 14 есеге өсип, 450 миллион долларға жеткерилди.

Президентимиздиң ҳәр бир пәрманы ҳәм қарарында Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратылып, аймақ халқы ҳәм исбилерменлери ушын айрықша жеңилликлер берилмекте. Мине, усындай имканиятларды бүгин халықтың ҳәр бир ўәкили өз турмысында сезинбекте, десек, қәте болмайды. Соның ишинде, Қарақалпақстан жаслары ушын мәмлекетлик ЖООларына ажыратылған қосымша квота тийкарында өткен үш жылдың өзинде 31 мыңға шамалас жигит-қыз студент болыў бахтына миясар болды. 2022-жыл 15-сентябрьден баслап пенсия ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж напақа алыўшылар, майыплығы болған шахслар ушын темир жол ҳәм авиа билетиниң баҳасы 2 есеге арзанлатылғаны ҳәр жылы мыңлаған пуқаралардың узағы жақын, аўыры жеңил болыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында қала ҳәм районларға бириктирилген ўәлаятлар менен бирге 21 мыңнан аслам турақ жайдың төбесин шиферлаў және авариялық жағдайдағы, жасаў ушын жарамсыз 709 турақ жайды жаңадан қурыў белгиленген. Бүгин 17 мыңнан аслам турақ жай шиферланып, 326 имараттың жаңадан қурылыўы социаллық қорғаўға мүтәж жүзлеген инсанлардың турмысына мазмун алып кирди.

Мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын арттырыў, әсиресе, сырт елли туристлерге қолайлы шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны да дыққатқа ылайық. Буның әмелий нәтийжеси сыпатында "Нөкис - Мойнақ", "Нөкис - Алматы" ҳәм "Нөкис - Ақтаў" жөнелислери бойынша авиақатнаўлар, сондай-ақ, "Нөкис - Маңғыстаў" ҳәм "Нөкис - Үргенш" жөнелисинде поезд қатнаўы жолға қойылды.

Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў ушын жаңа имканиятлар жаратыўға байланыслы тийисли пәрманы тийкарында 2025-2027-жылларда жер участкаларын тиккелей ажыратыўды даўам еттириўге рухсат берилип, инвесторлардың миннетлемеси және де жеңиллестирилди. Яғный Нөкис қаласында баҳасы кеминде 500 мың долларлық, Әмиўдәрья, Нөкис, Қоңырат ҳәм Хожели районларында 300 мың, қалған районларда 100 мың долларлық инвестициялық жойбарларға да усы тәртип енгизилди.

Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған санаат кәрханаларына электр энергиясы ушын 15 процентлик жеңиллик берилиўи нәтийжесинде 2500 ден аслам кәрхананың ҳәр айда орташа 4-5 миллиард сумнан усы күнге шекем 30 миллиард сум қаржы өз ықтыярында қалдырылды. Исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер бериў мақсетинде санаатты раўажландырыў бойынша 125 жойбарға 188 миллиард сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылды. Сондай-ақ, аўыл хожалығына мөлшерленген, бирақ бос турған 30 мың 720 гектар жер участкасы онлайн аукционға шығарылып, 1143 субъектке бөлип төлеў ҳуқықы менен ажыратылды.

Мәмлекетимиз басшысының "Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарары тийкарында 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 228 миллиард сум ажыратылып, мәҳәллелердеги социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.

Халықты бир неше жылдан берли қыйнап киятырған 2500 ге шамалас машқалаға шешим табылды. Сондай-ақ, 452 мәҳәлледеги көше бийлериниң ҳуқықый статусы беккемленди. Олардың нәтийжели жумысын ғалаба ен жайдырыў мақсетинде ҳәр жылы "Ең үлгили көше бийи" таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар хошаметленип келинбекте.

Буннан тысқары, өткен жылы 89 аўыр мәҳәлледеги шаңарақлардың қыйтақ жерлериниң суўғарыўын жақсылаў ушын 745 километр канал тазаланды, 102 километри бетонланды. Нәтийжеде пуқаралардың қыйтақ жерлерден қосымша дәрамат алыўына имканият жаратылды. Қалаберди, мәҳәллелерде халықтың дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланыўына жақыннан жәрдем көрсететуғын 50 сервис компаниясы шөлкемлестирилди.

Кең көлемли реформалар аймақлардың раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм экономикалық потенциалын толық жүзеге шығарыўға хызмет етпекте. Бул процессте Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық. Әлбетте, бул бағдарда аймақты раўажландырыў бойынша қабыл етилген көплеген пәрман ҳәм қарарлар айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Бул ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қарақалпақстанлылардың турмысын жақсылаў, келешек әўлад ушын да мүнәсип шараят жаратыўға хызмет етеди.

Президентимиздиң 2026-жыл 21-февральдағы "Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары раўажланыўымыз жолында жаңа имканиятлар есигин ашты.

Ҳүжжетке бола, 2026-жылдың ақырына шекем жалпы аймақлық өнимниң көлемин 8,1 процент, санаат өнимлерин ислеп шығарыўды 8 процентке арттырыў режелестирилген. Сондай-ақ, жумыссызлық дәрежесин 4,2 процентке, кәмбағаллықты болса 3,2 процентке шекем азайтыў мақсет етилген. Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары және 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылған.

Қарарда 2030-жылға мөлшерленген стратегиялық көрсеткишлер де белгиленген. Оған муўапық, жалпы аймақлық өним көлемин 102,4 триллион, аўыл хожалығы өндирисин 28,9 триллион сумға жеткериў режелестирилген. Санаат ҳәм хызметлер тараўында жәми 7,2 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, экспорт көлемин 900 миллион долларға жеткериў, жасалма интеллект технологияларын раўажландырыўға 5 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясын тартыў арқалы бар имканиятлардан пайдаланыў дәрежесин он есеге арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин улыўма генерация қуўатлылығындағы 70, елатлы пунктлердиң орайласқан ишимлик суўы тәмийнатын 83,5 процентке жеткериў белгиленди.

Қарар шеңберинде басқарыў системасында да өзгерислер болады. Атап айтқанда, Министрлер Кеңеси Баслығының экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылып, оның орнына жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасар лаўазымы енгизиледи.

Сондай-ақ, қарарға тийкарланып, "Беруний Агро Стар" ЖШЖ тәрепинен жойбарлаў көзқарас тийкарында Қоңырат, Шымбай, Беруний, Кегейли, Бозатаў, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Мойнақ районларындағы 33 мәҳәлледе топырақ ҳәм суў анализин өткериў, арзан баҳаларда сапалы шарўа от-жем туқымын жеткерип бериў және зәрүр техника ҳәм агрономлық хызметлерин көрсетиў жумыслары орынланады. Қоңырат, Шымбай, Беруний, Бозатаў ҳәм Қанлыкөл районларында шарўа от-жемин жетистириў, сақлаў, қадақлаў қуўатлықларын иске түсириў ҳәм халыққа жеткерип бериў системасы жолға қойылады.

2026-жылдың ақырына шекем Беруний районында жыллық қуўатлылығы 36 мың тонна болған шарўа ҳәм балық азық-аўқатын ислеп шығарыўға мөлшерленген заманагөй агрокомплекс жойбары иске қосылады.

2026-2028-жылларда Қарақалпақстанда 10 мың гектарда шарўа от-жемин жетистириў илажлары көриледи. Онда жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде өсимликлердиң өсиў процеси мониторинг етиледи ҳәм кеселликлерди ерте анықлаў илажы көриледи және заманагөй суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланылады.

Буннан тысқары, 2026-2030-жылларда Нөкис қаласы әтирапында 15 мың гектар (соннан 3000 гектарына терек ҳәм пута егиледи) майданда "жасыл белбеў"лер қурылады ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў илажлары өткериледи.

Барлық тараўдың раўажланыўы, көплеген жаңа имканиятлар менен жеңилликлерди қамтып алған бул тарийхый қарар аймақта жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў, Қарақалпақстандағы кең көлемли дөретиўшилик жумысларын жаңа басқышқа алып шығады.

Мурат АТАМУРАТОВ,

Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў,

жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер

мәселелери комитетиниң баслығы