Ҳүжжет 2023-жыл 19-майдағы Сиань декларациясында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардан келип шығып ислеп шығылған. "Орайлық Азия - Қытай" форматы секретариаты Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме алға қойыў ҳәм тийисли механизмлердиң жумысын жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Секретариат бирге ислесиўши мәмлекетлер арасындағы келисимлердиң орынланыўын муўапықластырады, әмелий жойбарлардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлейди ҳәм турақлы сөйлесиў платформасын қәлиплестиреди.

Секретариат ҳаққындағы реже "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы Секретариаттың ўазыйпалары, ўәкилликлери, структурасы ҳәм қурамы, сондай-ақ, оның хызметкерлериниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм статусын белгилейди.

Режениң ратификацияланыўы Өзбекстанның регионаллық интеграция процесслериндеги қатнасын жеделлестириў, экономикалық, инвестициялық, инфраструктуралық ҳәм транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў, мәмлекетлер арасындағы товар алмасыўды арттырыўға хызмет етеди.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 13.01.2026-жылдан күшке кирди.