Сапар шеңберинде мәмлекетимиздиң Пекиндеги елшиханасы жәрдеминде Қытай Медицина илимлери академиясы жанындағы "Фувай" емлеўханасының медицина орайында ушырасыў болып өтти, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Ушырасыўда кардиология ҳәм педиатрия тараўларында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм еки тәреплеме байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз делегациясы ағзалары Сырт елли қытайлылар қайырқомлық фондының басшылары менен медицина тараўында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары бойынша да пикир алысты.
Сөйлесиўлер жуўмағында бул шөлкем тәрепинен Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайына мобил хирургиялық автомобильди гуманитарлық жәрдем сыпатында тапсырыў бойынша келисимге қол қойылды.
Юннан провинциясындағы "Фувай" емлеўханасының медицина орайында қолланылып атырған хирургиялық әсбап-үскенелерден пайдаланыў әмелияты менен танысыў мақсетинде делегация Куньмин қаласына жол алды.