Гүзги-қысқы мәўсимде экономика ҳәм халықты көмир менен тәмийинлеў режелери көрип шығылды

    Президент Шавкат Мирзиёев көмир қазып шығарыў бойынша ерисилген нәтийжелер ҳәм гезектеги ўазыйпалар ҳаққындағы презентация менен танысты.

    Энергетиканың барлық тармақлары қатарында көмир санаатында да жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта, жылытыў мәўсиминде халық, социаллық мәкемелер ҳәм экономика тармақларын үзликсиз энергия менен тәмийинлеў ушын қуўатлықлар ҳәм өндирис көлеми арттырылмақта.

    2024-2025-жыллар гүзги-қысқы мәўсиминде дерлик 8,7 миллион тонна көмир қазып алынып, ыссылық электр станциялары, бюджет шөлкемлери ҳәм халыққа жеткерип берилди.

    Презентацияда атап өтилгениндей, 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде 10 миллион тонна көмир қазып алыў режелестирилген. Буның ушын "Өзбеккөмир" акционерлик жәмийети кәрханаларының материаллық-техникалық базасы беккемленип, тараўда қосымша ислеп шығарыўшылардың жумыс ислеўи ушын шараят жаратылды.

    Президентимиз халықты пүткил мәўсим даўамында көмир менен кепилликли тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Кәрханаларды модернизациялаў ҳәм жаңа қуўатлықларды иске қосыў, тармақта базар принциплери ҳәм бәсекини раўажландырыў арқалы өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

    Презентацияда уран санаатында жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў мәселелери де көрип шығылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates