Шавкат Миромонович заманның тийкарғы қәўип-қәтерлерин көрсетип өтти: тартыслардың күшейиўи, социаллық ҳәм технологиялық теңсизлик, гуманитарлық кризислердиң артыўы. Бундай шараятта Бирлескен Миллетлер Шөлкеми сөйлесиў ҳәм келисим майданы болып қалыўы керек. Өзбекстан Президенти келешек ушын барлық мәмлекетлердиң аўызбиршилиги зәрүр екенин, тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлер менен заман қәўип-қәтерлерин жеңип өтиў мүмкин екенлигин атап өтти.

Сөйлесиўде Өзбекстанның соңғы жылларда ерискен жетискенликлерине айрықша итибар қаратылды. Президент кәмбағаллық дәрежеси 35 проценттен 6,6 процентке қысқарғаны, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке, жоқары билимлендириўде болса 9 проценттен 42 процентке артқанын ескертти. Мыңлаған кәрханалар шөлкемлестирилип, миллионлаған жаңа жумыс орынлары жаратылды, оқытыўшы ҳәм устаз кәсибиниң абырайы артпақта.

Бул фактлер тек санлар емес. Бул ҳәр бир өзбек шаңарағы сезип атырған жаңа ҳақыйқатлық. Бул мәмлекеттеги реформалар жолы артқа қайтпайтуғынын ҳәм беккем социаллық тийкарға ийе екенлигин көрсетеди. Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде "Елимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдирин улығлаў ҳәм абаданлығын тәмийинлеў - бас мақсетимиз", деп атап өтти.

Орайлық Азиядағы бирге ислесиў ҳаққында сөз болып, сегиз жыллық жақсы қоңсышылық сиясаты өз нәтийжесин бергени атап өтилди. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми бес есеге артты, көплеген мәселелер шешилди, регион тынышлық ҳәм шериклик мәканына айланды. Президентимиз Орайлық Азияның интеграциясын қоллап-қуўатлаў бойынша БМШ резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Бул регионымыз жаңа күш орайына айланып атырғанын, онда Өзбекстан әҳмийетли орын ийелейтуғынын аңлатады.

Президент әҳмийетли халықаралық темалар - Аўғанстан, Жақын Шығыс, Украина, терроризм машқалаларына да тоқтап өтти. Ол Аўғанстанды жеккеленип қалыў емес, ал экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар арқалы қоллап-қуўатлаўды усыныс етти. Газа секторында урысты тоқтатыўға исенимли шақырық ҳәм "еки халық ушын еки мәмлекет" принципин қоллап-қуўатлаў билдирилди.

Климатқа үлкен итибар қаратылды: Арал теңизиниң қурыўы, суў ресурслары, климат миграциясы. Президентимиз Өзбекстанда Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форум өткерилетуғынын атап өтип, Климат миграциясы мәселелери бойынша глобал пактти усыныс етти.

Санлы раўажланыў темасына айрықша итибар қаратылды. Медицина, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында жасалма интеллект бойынша әмелий шешимлер алмасыў ушын халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыў усыныс етилди.

Бирақ тийкарғы идея жасларға мүрәжатта айтылды:

"Дүньяның ертеңги күни, тәғдири ҳәм абаданлығы өсип киятырған әўладтың қолында. Бизиң әҳмийетли ўазыйпамыз - жаслар санасына тынышлық, инсаныйлық ҳәм дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сыяқлы ийгиликли идеяларды сиңдириўден ибарат.

Президент Пүткил жер жүзилик тынышлық ушын жаслар ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм оның бас резиденциясын Өзбекстанда жайластырыўды усыныс етти. Бул тек ғана баслама емес, ал мәмлекетимизге болған исеним ҳәм өзбек жасларының келешектеги дөретиўши күш сыпатындағы ролин тән алыў болып есапланады.

БМШтағы сөз тек ғана сыртқы сиясий ўақыя емес. Бул ҳәр биримизге, Өзбекстан пуқараларына, әсиресе, жасларымызға мүрәжат болып табылады. Президент анық айтты:

- Жаңа Өзбекстан - инсан, оның ҳуқықлары, қәдири ҳәм имканиятлары биринши орында туратуғын мәмлекет.

Дүнья раўажланыўымызды дыққат пенен бақлап атырғанын аңлаўымыз керек. Демократиялық, ҳуқықый ҳәм әдалатлы жәмийет қурыў стратегиясының қаншелли табыслы әмелге асырылатуғыны ҳәр бир мийнетимизге, реформаларға болған исенимимизге байланыслы.

Бүгин әйне жаслар мәмлекеттиң ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Оның қолында илим ҳәм инновация, билимлендириў ҳәм мәденият, санлы технологиялар ҳәм исбилерменлик бар. Президент жас әўладқа ең әҳмийетли нәрсени - Өзбекстанның келешегин исенип тапсырмақта. БМШта айтылған сөзлер жасларымыз ушын ибрат болыўы керек.

Шавкат Мирзиёевтиң Бас Ассамблея сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи Өзбекстан жәҳән сиясатының белсенди қатнасыўшысы, жуўапкершиликли шерик ҳәм конструктивлик қарарлардың интакери болыўға таяр екени белгиси болды. Мәмлекет ишиндеги реформалардан баслап климат, суў, санлы раўажланыў ҳәм жаслар сиясаты тараўларындағы глобал басламаларға шекем барлығында бирден-бир сызық бар: ашық-айдынлық, бирге ислесиў ҳәм дөретиўшилик.

Бул шығып сөйлеў Өзбекстанның тек ғана өз пуқаралары ҳаққында ғамхорлық ететуғын емес, ал пүткил инсаният тәғдирине салмақлы үлес қосатуғын мәмлекет сыпатындағы имиджин беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бүгин Президентимиз Өзбекстанның ҳаўазын БМШ дәрежесинде көтерип атырған ўақытта, биз, мәмлекет пуқаралары оның идеяларын әмелде қоллап-қуўатлаўымыз керек. Жаңа Өзбекстанды қурыўға ҳәр бир студент, ҳәр бир муғаллим, ҳәр бир исбилермен, ҳәр бир мийнеткеш өз үлесин қосыўы мүмкин.

Тынышлығымызды қәстерлеп сақлаймыз, ғәрезсизлигимизди қорғаймыз, елимиздиң жетискенликлерин көбейтемиз. Өзбекстан пуқарасы екенимизден мақтанайық, Ўатанымыздың тәғдири өз қолымызда екенин умытпайық!

Рашид Матенов,

Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң доцент ўазыйпасын атқарыўшысы.

Өзбекстан Президентиниң баспасөз хызметиниң фотосы