Соның ишинде, Орайлық Азияда, атап айтқанда, Өзбекстанда да мәмлекетлик басқарыўды оптималластырыў нәтийжесинде бир қатар социаллық өзгерислер жүз бермекте.
Мәмлекетимиз басшысының "Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында" атамасындағы мақаласында регионымызда раўажланыўдың жаңа ҳәм тарийхый әҳмийетине бола ҳақыйқый тилеклеслик басқышы басланғаны және туўысқан халықлар менен өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет орталығын қәлиплестириўге қаратылған терең пикирлер билдирилген.
Атап өтилгениндей, қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў ушын мәмлекетлер дәрежесинде зәрүр шараят жаратылған. Бул мәселеде регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм адамлардың күнделикли турмысын жақсылаў ушын бар имканиятлардан биргеликте пайдаланатуғын улыўма мәкан жаратыў мақсет етилген. Бул процесс улыўма қәдириятлардан келип шығып, мың жыллар даўамында туўысқан болып келген, тарийхы ҳәм тәғдири тутас болған халықларымыз Орайлық Азияның бүгинги раўажланыўы ҳәм келешегине байланыслы мәселелерди мәсләҳәтлесип, аўызбиршилик пенен шешип атырғаны регион жетекшилериниң бирдей пикирге ийе екенин билдиреди.
Бул мәселеде Президентимиздиң усыныс ҳәм басламалары үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соңғы еки-үш айда АҚШқа еки мәрте сапар етиў, ЮНЕСКО Бас конференциясының Самарқандта өткерилген 43-сессиясы, Ташкент қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы буған айқын дәлил болып табылады. Өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў руўхында өткерилип атырған бундай саммитлер келешекте регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысының "Булардың барлығы Орайлық Азия мәмлекетлеринен және де аўызбиршиликли болып ҳәрекет етиўди талап етеди", деген пикири, әсиресе, мениң дыққатымды тартты. Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң атап өткениндей, бүгин бирге ислесиўди беккемлеў тек ғана сиясий мақсет емес, ал стратегиялық зәрүрлик болып табылады. Қоңсыларымыздың жетискенлигинен мақтансақ, олар бизиң турақлы раўажланыўымызды алғысласа, миллий қәўипсизлигимизди биргеликте тәмийинлесек ғана улыўма мақсетлерге ерискен боламыз. Бир тән бир жан болып, биргеликте ҳәрекет етсек, регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа басқышына жол ашып, усы күнге шекем имкансыз деп келинген реал машқалаларды аңсат сапластырамыз. Сонда ғана сырттан болатуғын қәўип-қәтерлердиң ҳәр қандай көринисине улыўма көзқараслардан келип шыққан ҳалда үзил-кесил жуўап бере аламыз.
Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен байланыслы бирде-бир мәселе ашық қалып кетпеген. Бурынлары бизлерди ажыратып турған, жыллар даўамында кескинлик дәреги болып келген шегара мәселелериниң дослық ҳәм бирге ислесиў көпирине айланғаны, келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықларға себеп болып келген тартыслы дәрья ҳәм булақ суўларынан еркин, улыўмалық пайдаланыўға өтилгени, туўысқанлық, қуда-тамырлық қатнасықлары менен байланысқан қоңсы мәмлекетке барып-келиўдеги виза мәселелериниң шешилгени - булардың барлығы кеўлимизди раўшан етеди.
Бул ислер өз-өзинен болған жоқ. Оның артында мәмлекетлеримиз жетекшилери тәрепинен бүгин емес, ертеңди ойлап исленип атырған мақсетли сөйлесиўлердиң әмелге асыўы бар. Буны мақаладағы "Қоңсышылық - қәўип емес, имканият, бир тәрептиң табысы - ҳәммениң табысы...", деген пикир толық тастыйықлайды.
Мақаланы оқып, шынында да Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында деген жуўмаққа келесиз. Себеби онда ҳеш бир тараў ҳаққында әпиўайы сөз етилмеген. Дипломатиялық байланыслар, экономика, санаат, Орайлық Азияның жетекши ҳаял-қызларының пикирлесиўи, жаслар платформасы шөлкемлестирилгени, ректорлар ҳәм илимпазлардың қатнасыўында форумлар өткерилип атырғаны, өз-ара мәденият жыллары, көргизбелер, концертлер ҳәм спорт илажлары шөлкемлестирилип атырғаны, ең әҳмийетлиси, туўысқан мәмлекетлер арасында авиақатнаўлар, темир жол ҳәм автобус жөнелислери жолға қойылғаны ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай адамды толқынландырады.
Жоқарыдағы пикирлердиң логикалық даўамы сыпатында халықаралық байланыслар барған сайын беккемленип атырғаны да тән алынған. Ири мәмлекетлер енди бир мәмлекет пенен емес, ал Орайлық Азияның барлық мәмлекети менен тутас форматта сөйлесип атырғаны атап өтилген. Усы жылдың өзинде Европа Аўқамы, Қытай, Россия ҳәм АҚШ саммитлериниң өткерилгени регионның глобал сиясаттағы жеделлиги ҳәм стратегиялық әҳмийети артып баратырғанын тастыйықлайды.
Аўа, Президентимиздиң атап өткениндей, бул - өз-өзинен болған процесс емес, ал улыўма тәғдири ҳәм биргеликте раўажланыў потенциалын аңлап жеткен мәмлекетлеримиз жетекшилериниң анық мақсетке қаратылған ҳәрекетлери ҳәм сиясий ерк-ықрарының нәтийжеси болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы регион еллери Президентлери менен бирге ислесиўди және де кеңейтип, Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў бағдарында еле көп басламаларды алға қояды. Бундай усыныслар тек ғана жаңа Өзбекстан ҳәм оның халқы ушын емес, ал Орайлық Азиядағы барлық халықлардың улыўма мақсети, тынышлығы ҳәм абаданлығына қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Убайдулла МИНГБОЕВ,
Өзбекстан судьялары ассоциациясы баслығы,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен юрист