Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

Ўәлаят басқышы 17 пәннен шөлкемлестирилип, 4-декабрьге шекем даўам етеди, онда 33 мыңға шамалас 9, 10 ҳәм 11-класс оқыўшыларының қатнасыўы күтилмекте.

Әмелдеги тәртип бойынша тийкарғы олимпиаданың III басқышында жеңимпаз болған оқыўшылар:

1-орын ушын БЕМниң 6 есеси;

2-орын ушын БЕМниң 4 есеси;

3-орын ушын БЕМниң 3 есеси муғдарындағы ақшалай сыйлық менен сыйлықланады.

Бул басқышта 1-2-3-орынларды қолға киргизген 11-класс оқыўшылары олимпиаданың Республикалық басқышында, сондай-ақ, 1-топар пәнлеринен ҳәр бир класс бойынша ең жақсы нәтийже көрсеткен дәслепки 5 қатнасыўшы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын Өзбекстан сайланды командасына сайлап алыўдың 1-басқышында қатнасыў имканиятына ийе болады.