Корея Республикасы "Ташкент-Самарқанд" жоқары тезликте ҳәрекетлениўши темир жолының техникалық-экономикалық жақтан тастыйықланыўын таярлаў ушын 3 миллион доллар муғдарында грант ажыратты

    17 желтоқсан 2025 197

    16-декабрь күни "Ташкент - Самарқанд" айрықша жоқары тезликте ҳәрекетлениўши жолаўшы тасыўшы темир жолын қурыў жойбарының техникалық-экономикалық тийкарлары бойынша есабаттың презентациясы өткерилди.

    Saman Engineering, Dong Myeong Engineering Consultants & Architecture Co., Ltd, Korea Railroad Corporation ҳәм Korea National Railway компаниялары консорциумы тәрепинен ислеп шығылған.

    Илажда Транспорт министрлиги, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ басшылары, тараўға тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, Корея Эксимбанки, халықаралық финанс шөлкемлери, сондай-ақ, Корея коньсорциумының ўәкиллери қатнасты.

    Еслетип өтемиз, 2025-жыл 14-февральда усы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыўға старт берилип, оны таярлаў ушын Корея Республикасы Экспорт-импорт банки тәрепинен 3 миллион АҚШ доллары муғдарында грант ажыратылған еди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates