Бүгин Өзбекстан аймағы бойынша қурғақ ҳәм бираз ыссы ҳаўа-райы сақланып турады.

Ҳаўаның температурасы күндиз 34-37 дәреже, ең шетки қублада 40-41 дәрежени қурайды.

1-5-июль күнлери ыссы әсте-ақырын күшейеди.

Ең ыссы күнлер республиканың арқасында 2 ҳәм 3-июльда, шөл аймақларында 3 ҳәм 4-июльда, республиканың қалған аймақларында 4-июль ҳәм 5-июль күнлери бақланады. Усы күнлери аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 40-43 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 44-46 дәрежеге шекем көтериледи.

Өзбекстан бойынша самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем, 2-4-июльде арқада ҳәм шөл аймақларда, 5-июльде республика бойынша айырым жерлерде гейде 20-25 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.