Бул ҳаққында Reuters дәреклерине сүйенип жазбақта.

Агентлик мағлыўматларына бола, президент администрациясы баслығының орынбасары Стивен Миллер 5-январь күни CNN телеканалына берген интервьюинен кейин Гренландия әтирапындағы кескинлик күшейди. Атаўды күш пенен басып алыў мүмкин бе деген туўрыдан-туўры сораўға Миллер мырза анық жуўап бермеди. Буннан кейин Дональд Трамптың өзи ҳәм оның ҳәкимшилиги ағзалары Гренландияға күш ислетиў ҳаққында көбирек айта баслады, деп жазбақта Reuters.

Сондай-ақ, еки партияның АҚШтағы ўәкиллери Трамп мырза конгресс пенен келисимсиз Гренландияда Венесуэлаға уқсас әскерий операция өткериўи мүмкинлигинен қәўетерленип атырғанын билдирди. Нызам шығарыўшылар бул бойынша позициясы менен мәмлекетлик хаткер Марко Рубио ҳәм Ақ үйдиң басқа да лаўазымлы шахслары менен бөлисти. Республикашылар Дональд Трамп ҳәкимшилигин егер АҚШ Гренландияға әскерий басқыншылық етсе, оған импичмент жәрияланыўы мүмкинлиги ҳаққында ескерткен, деп анықлық киргизди Reuters.

Америка президенти миллий қәўипсизликти тәмийинлеў ушын Гренландия АҚШқа зәрүр екенин бир неше мәрте айтқан. Болмаса, деди Дональд Трамп, атаўды Россия ямаса Қытай қадағалаўға алады. 22-январь күни НАТО бас хаткери Марк Рютте менен сөйлесиўлерде Трамп мырза Гренландия бойынша режелер ҳаққында келисип алды, оның деталлары жәмийетшиликке жәрияланбады. Axiosтың жазыўынша, келисим АҚШқа атаўдағы әскерий қатнасықты күшейтиў имканиятын береди. Буннан тысқары, штатлар Гренландияда пайдалы қазылмаларды қазып алыўда жеңилликлерге ийе болыўы мүмкин, деп жазбақта kommersant.ru.