Өзбекстанда турақ жай базары октябрь айында өсиў пәтин тезлестирди: жеделлик ҳәм көшпес мүлк баҳалары артып бармақта

    Социаллық турмыс 20 қараша 2025 329

    Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Өзбекстан көшпес мүлк базарының октябрь айындағы динамикасының жаңаланған таллаўын усынды.

    Турақ жайды сатып алыў бойынша дүзилген улыўма келисимлер саны өткен айға салыстырғанда 12 процентке көбейип, 27,1 мыңды қурады, бул 2023-жылдың август айынан берли ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.

    Регионаллық кесим

    Октябрь айында турақ жай базарындағы жеделликтиң артыўы республиканың барлық аймақларында белгиленди.

    Бир айда ең үлкен өсим Хорезм, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында атап өтилип, бул аймақларда дүзилген келисимлер саны орташа 26 процентке көбейди.

    Орташа динамика Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында сәйкес түрде 2 процент ҳәм 4 процент әтирапында бақланған.

    Мәмлекетимиздеги турақ жай менен байланыслы барлық келисимлердиң дерлик 30 проценти пайтахт базарының үлесине туўра келеди. Октябрь айында Ташкент қаласында саўда көлеми бир айда 5,3 процентке өскен болса, жыллық көлемде өсиў 32 процентти қураған.

    Турақ жайдың екилемши базары

    Октябрь айында екилемши турақ жай базарында баҳалар динамикасы бираз жеделлести. Квадрат метр ушын орташа баҳа бир айда бир ай алдынғы 0,6 процентке салыстырғанда 2,4 процентке артты.

    Жыллық көлемде өткен жылдың октябрь айына салыстырғанда усы базар сегментинде орташа баҳа 1 кв. м ушын 7,4 процентке өскен.

    Ең жоқары өсиў пәтлери Сурхандәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында белгиленип, оларда баҳалар дерлик 20 процентке артты.

    Ташкентте көшпес мүлк базарындағы жағдай

    Ташкент қаласында октябрь айында екилемши турақ жай базарында баҳалар өткен айдағы дәрежеге жақын болып қалды ҳәм орташа 0,7% әтирапында өсиўди көрсетти.

    Жыллық көрсеткиште өткен жылдың октябрь айына келип, пайтахтта екилемши турақ жайлардың орташа баҳасы 1 процентке арзанлады. Баҳалардың төменлеўи Мырза Улығбек ҳәм Яшнабад районларында көбирек сезилди, оларда орташа арзанласыў дерлик 5 процентти қурады.

    Пайтахтта бирлемши турақ жай базарында болса, керисинше, өсиў бақланбақта. Октябрь айында бир квадрат метр ушын орташа баҳа жыллық есапта 2,1 процентке қымбатлаған. Ең үлкен өсиў Бектемир, Яшнабад, Миробод ҳәм Яккасарай районларында бақланып, оларда баҳалар орташа есапта дерлик 5,5 процентке қымбатлаған.

    Пайтахтда ижара базары

    Октябрь айында Ташкент қаласында орташа ижара ставкасы өткен айдағы дәрежеде қалды ҳәм 1 кв.м ушын 8,5 долларды қурады. Ең жоқары ставкалар пайтахтымыздың Миробод, Яккасарай ҳәм Мырза Улығбек сыяқлы орайлық районларында сақланып қалмақта, бул жерлерде ижараның орташа дәрежеси 1 кв.м ушын 10,2 доллар әтирапында.

    Соның менен бирге, өткен жылдың октябрь айына салыстырғанда ижара ставкалары 1,6 процентке артты. Ставкалардың ең көп өсиўи Бектемир, Яшнабад ҳәм Сергели районларында - орташа 9 процентке бақланған.