"Росатом" Өзбекстанда еки блоклы үлкен ҳәм киши АЭС қурады

    13 маусым 2025 315

    Россияның "Росатом" мәмлекетлик корпорациясы тәрепинен Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў жойбары қайта қәлиплестирилди. Енди киши ҳәм үлкен АЭС қурылысы режелестирилмекте, деп хабар бермекте "Интерфакс" басылымы.

    Атап өтилиўинше, Бул ҳаққында Россия Федерациясы Экономикалық раўажланыў министрлиги Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде өткерилген Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы товар айланысын арттырыў бойынша жумысшы топар мәжилисиниң жуўмағында мәлим етилген.

    "Өткен жылы киши қуўатлылықтағы атом станциясы қурылысына старт берилген еди. Быйыл болса мәмлекет басшылары жойбарды қайта қәлиплестирип, үлкен қуўатлылықтағы еки блоклы станция ҳәм киши қуўатлылықтағы еки блоклы станция қурыўға келисип алды", - делинеди министрликтиң хабарында.

    Апрель айының ақырында "Росатом" басшысы Алексей Лихачев журналистлерге мәмлекетлик корпорация бир жыл ишинде ямаса оннан алдынырақ Өзбекстандағы киши АЭС тийкарын қойыўды режелестиргенин айтқан еди. Сол ўақытта Лихачев мәмлекетте ири АЭС қурыў мүмкинлиги ҳаққындағы сораўға жуўап берип, мәмлекет басшылығы бундай қарар қабыл еткен жағдайда, "Росатом"да "тек ғана бул келешектеги объектлердиң көриниси емес, ал финанслық схемасы ҳәм максимал локализациялаўға байланыслы шөлкемлестириў мәселелери бойынша да усыныслар таяр болатуғынын" атап өткен.

    Атап өтилиўинше, Өзбекстанда киши АЭС қурыў жойбары "Росатом"ның сырт елдеги бундай биринши экспорт жойбары болып есапланады. Тәреплер бул бойынша өткен жылы бәҳәрде келисип алған, гүзде болса жойбарлаў жумыслары ҳәм ҳүжжетлерди ислеп шығыўды нәзерде тутатуғын протоколға қол қойылған.

    Жойбарда ҳәр бириниң қуўатлылығы 55 МВт болған алты реактор қурылысы нәзерде тутылған. Қурылыс жумыслары усы жылдың жазында басланыўы, АЭС болса 2029-2033-жылларда басқышпа-басқыш иске қосылыўы режелестирилген.

    Соның менен бирге, жойбарды Өзбекстан тәрепи қаржыландырыўы мөлшерленген, Россия кредити мәселеси додаланбаған.