Бүгин, 22-январь күни Өзбекстан қорғаныў министри генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов рәсмий сапар менен келген Россия Федерациясы қорғаныў министри Андрей Белоусов басшылығындағы әскерий делегацияны қабыллады.
Дәслеп мийманларды ҳүрметли қараўыл қатнасыўында рәсмий күтип алыў илажы болып өтти. Әскерий оркестр тәрепинен еки мәмлекет гимни атқарылды.
Қорғаныў министрлигиниң орайлық аппаратында өткерилген еки тәреплеме бирге ислесиў ушырасыўында генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов делегация ағзаларын Өзбекстанға шөлкемлестирген сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия арасында көплеген тараўларда алып барылып атырған бирге ислесиў жумыслары байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Ушырасыўларда делегация басшысы менен Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң қорғаныў тараўындағы бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды.
Ушырасыў соңында қорғаныў министрлери тәрепинен Россия ҳәм Өзбекстан қорғаныў министрликлери арасында 2025-жылға мөлшерленген бирге ислесиў режеси ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген әскерий тараўдағы стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Рәсмий қабыллаўдан соң Россия Федерациясы қорғаныў министри Андрей Белоусов басшылығындағы әскерий делегация ўәкиллери "Жеңис парки" естелик комплексине барып, ҳүрметли қараўыл қатнасыўында "Мәртлик гимни" монументине гүл қойды және "Даңқ" мәмлекетлик музейи экспонатлары ҳәм "Жеңис парки" естелик комплексиниң басқа да көплеген естеликлери менен танысты.