Кубринск аўылындағы петарда ислеп шығарыўшы кәрханада өрт келип шыққан. Айрықша ҳәдийсе ақыбетинде жақын әтираптағы тоғыз көп қабатлы турақ жай имаратына зыян жеткен, деп хабар берди “Kazinform”.

Оператив хызмет ўәкиллериниң агентликке мәлим етиўинше, тийкарынан имаратлардың айнасы сынған, және бир жайдың төбеси зыянланған.

ТАСС мағлыўматына бола, буннан алдын кәрханада электр сымлары менен байланыслы нызамбузылыў жағдайы анықланған. Россия Айрықша жағдайлар министрлигиниң Ярославль ўәлаяты бойынша бас басқармасы өндирис кәрханасын соңғы мәрте 2024-жыл 26-ноябрьде тексерген. Сол ўақытта инспектор изоляция қатламы бузылған электр сымлары бойынша ескертиў берген еди.

Кәрхана қатаң қәўип категориясына киреди. Россия нызамшылығына бола, бундай объектлерде режели тексериўлер үш жылда бир мәртеден көп өткерилиўи мүмкин емес.

Өндирис кәрханасына ийелик етиўши компания 2025-жылы Минеральные Воды қаласында дизимнен өткен. Ашық дәреклердеги мағлыўматларға бола, оның тийкарғы жумыс түри - санаат химиялық элементлерин көтере саўдада сатыў.