Россияның Омск ўәлаятында Ферғана көтере бөлистириў логистика орайының биринши басқышы иске түсирилди

    Енди Ферғанада жетистирилген сапалы аўыл хожалығы өнимлери тиккелей Россия тутыныўшыларына жеткерип бериледи.

    Атап өтилиўинше, Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров басшылығындағы ўәлаят делегациясы Россия Федерациясының Омск ўәлаятына сапары шеңберинде бул "Фрукт-Сити" көтере саўда бөлистириў логистика орайының салтанатлы ашылыў илажында қатнасты.

    Сондай-ақ, онда Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ботиржон Асадов ҳәм Россия Федерациясы рәсмийлери, өзбек исбилерменлери қатнасты.

    Өзбек исбилерменлериниң шөлкемлестириўинде 700 миллион рубль жумсалып қурылған жаңа көтере саўда бөлистириў логистика орайы 9 гектар майданды ийелеп, заманагөй инфраструктура тийкарында қурылған. Бул базар өз ишине 16 ҳәр бири 380 квадрат метрден ибарат кең ҳәм қолайлы ангарларды алады. Бул ангарлар мийўе-овош өнимлерин сақлаў, қайта ислеў ҳәм қолайлы шараятта сатыў имканиятын береди.

    Сондай-ақ, базар аймағында 72 саўда дүканлары жумыс алып барады. Оларда түрли аўыл хожалығы өнимлери, азық-аўқат ҳәм басқа да тутыныў товарлары сатылады. Орайдың және бир әҳмийетли тәрепи, транспорт логистикасына итибар қаратылған. 450 жүк машинасына мөлшерленген турыў орынлары шөлкемлестирилген болып, бул көтере саўда процесин үзликсиз ҳәм системалы түрде шөлкемлестириўге хызмет етеди. Бул турыў орынлары жүк автомобильлериниң еркин ҳәрекетлениўи ҳәм өнимлерди жедел түсириў және жүклеў имканиятын береди. Логистика орайының бир бөлегинде Ферғана саўда үйи де ашылды.

    Дәслеп ўәлаят делегациясы мине усы жаратылған шараятларды көзден өткерди.

    Салтанатлы илажда шығып сөйлегенлер бул жойбар Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң басламасы менен әмелге асырылғанын атап өтип, оның еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

    Ҳәзирги ўақытта жойбардың биринши басқышы жуўмақланғаны, тез арада екинши ҳәм үшинши басқышларының қурылыс жумыслары әмелге асырылатуғыны мәлим етилди.

    - Бүгин биз Ферғана ўәлаятынан Россия базарына аўыл хожалығы өнимлерин турақлы жеткерип бериў имканиятын беретуғын әҳмийетли логистика орайын ашпақтамыз. Бул аймақларымыз арасындағы бирге ислесиў, исеним ҳәм стратегиялық шериклик нәтийжеси болып есапланады. Ферғана аўыл хожалығының бай потенциалына ийе ўәлаят болып есапланады. Тәбийий, жоқары сапалы өнимлеримиз тутыныўшыларға тез ҳәм ең жақсы жағдайда жетип барыўында бул заманагөй логистиканың орны үлкен болады, -деди ўәлаят басшысы.

    Орайда арнаўлы саўда дүканлары, сақлаў қоймаханалары, логистика хызметлериниң жумысы жолға қойылған болып, бул Өзбекстаннан аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў көлемин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Бул базардың жумысы нәтийжесинде 800 ден аслам Өзбекстан пуқарасы турақлы жумыс орны менен тәмийинлениўи режелестирилген.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates