Россияның тийисли уйымларын Өзбекстан пуқараларына ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўға шақырамыз - СИМ

    Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде Россия тәрепи менен ҳәр айда миграция мәселелери бойынша ушырасыў шөлкемлестирилди.

    Атап өтилиўинше, Россия Федерациясы аймағында айырым жағдайларда Өзбекстан пуқараларына байланыслы руқсатсыз тексериўлер, ҳүрметсизлик ҳәм турпайы мүнәсибетлер бақланып атырғаны ҳаққындағы хабарлар қәўетер оятып атырғаны атап өтилди.

    Бундай жағдайлар мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларға улыўма сәйкес келмейтуғыны, олардың алдын алыў ушын анық илажлар зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

    Сыртқы ислер министрлигиниң хабарында Өзбекстан сырт елде жасап ҳәм ўақтынша болып турған пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўды өзиниң тийкарғы ўазыйпасы деп билетуғыны атап өтилди.

    Бул мәселе бойынша Өзбекстанның Москва қаласындағы елшиханасы тәрепинен де Россия тәрепи менен тийисли дипломатиялық каналлар арқалы сөйлесиў алып барылмақта. Өзбекстан тәрепи барлық пуқараларға байланыслы халықаралық ҳуқық ҳәм инсан ҳуқықларына әмел етилиўин тәмийинлеўге шақырады. Усы мүнәсибет пенен, Россия Федерациясының тийисли уйымларын Өзбекстан пуқараларына ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўға, олардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситпеўге шақырамыз, - делинеди хабарда.

    Қосымша етилиўинше, Москвадағы жағдай бойынша Россия Сыртқы ислер министрлигине елшиханамыз тәрепинен нота жиберилип, Россия СИМнен бул жағдайға түсиник бериў ҳәм инсан ҳуқықларының анық бузылғаны сәўлеленгени, бул болса қабыл етип болмайтуғын жағдай екени атап өтилип, күш ислетиўши шөлкем ўәкиллериниң ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериў соралған.

    Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги бул мәселени өзиниң турақлы қадағалаўында услап турады ҳәм зәрүр жағдайларда қосымша илажлар көриўди даўам еттиреди, - деп қосымша етиледи хабарда.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates