Ҳүжжет пенен халық жасаўы ҳәм исбилерменлик жумысын әмелге асырыўы ушын үлгили аймақларға айландырылып, оларға "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилетуғын районлар (қалалар) дизими тастыйықланды.

"Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " жойбары шеңберинде ҳәр жылы:

жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм бар шийки зат резервлеринен толық пайдаланған ҳалда санаат зоналарының қуўатлылықларын кеңейтиў есабынан санааттың ҳәзирги өсиў пәтинен кеминде 2-3 процентке өсиўи тәмийинленеди;

азық-аўқат, мебель, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, тигиўшилик ҳәм басқа да қәнигелескен бағдарларда кеминде 50 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарында инвестицияларды тартқан ҳалда кеминде 10 нан ири инвестициялық жойбар иске қосылады;

алдын өз өнимлери менен сыртқы базарларға шықпаған кеминде 3-5 кәрхана экспорт жумысына тартылады;

сырт мәмлекетлерден технолог, маркетолог, бренд-менеджер сыяқлы қәнигелерди тартқан ҳалда кеминде бир кәрханада миллий бренд өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады;

сырт мәмлекетлерде өткерилетуғын қәнигелестирилген санаат көргизбелерине 10 исбилермен тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.

"Жасыл" ҳәм энергияны үнемлейтуғын аймақларды раўажландырыў.

"Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген район (қала) ларда:

2026-жыл 1-январьдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң имаратлары тек ғана энергия нәтийжелилиги принциплери тийкарында қурылады ҳәм модернизацияланады;

2027-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик уйымлар, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм социаллық тараў мәкемелери энергия үнемлеўши үскенелер менен толық тәмийинленеди;

2026-жыл 1-марттан баслап "Энергия тутыныўы нолге тең имаратлар" концепциясы тийкарында ҳәр бир социаллық тараў мәкемесиниң 1 имаратын модернизациялаў бойынша тәжирийбе жойбарлары иске қосылады.

Қаржыландырыў дереклери

2026-жылы 7 триллион сумнан аслам қаржылар ажыратылады, соның ишинде:

"Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген ҳәр бир районды (қала) раўажландырыў ушын республикалық бюджеттен 100 млрд сумнан, жәми 2,3 трлн сум;

ҳәр бир мәҳәллени Жаңа Өзбекстан көринисинде раўажландырыў ушын республикалық бюджеттен 5 млрд сумнан, жәми 1,7 трлн сум;

Ислам раўажланыў банкиниң "Аўылларды турақлы раўажландырыў" ҳәм Жәҳән банкиниң "Орта қалаларды комплексли раўажландырыў" жойбарлары шеңберинде "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген район (қала) ларды раўажландырыўға 100 миллион доллар қаратылады;

Аймақларда экономикалық өсиўге түртки беретуғын драйвер жойбарларды әмелге асырыў ушын республика бюджетинен 2 триллион сум ажыратылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери "Реформалар штабы" менен биргеликте:

бир ай мүддетте Жаңа Өзбекстан көринисинде ҳәр бир район (қала) ҳәм ҳәр бир мәҳәллени комплексли раўажландырыў бойынша тастыйықланған бағдарламалар тийкарында "Раўажланыў ҳәм жетекшилик орны" бағдарламасын тастыйықласын;

2025-жыл 15-декабрьге шекем халық ҳәм исбилерменлердиң усыныс ҳәм жойбарлары тийкарында Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәлле орайының мастер-режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

2026-жыл 1-февральға шекем Бағдарламаға киргизилген объектлердиң жойбар ҳүжжетлерин ислеп шықсын;

2026-жыл 1-марттан баслап тастыйықланған жойбарларға муўапық қурылыс жумысларын басласын;

2026-жыл 1-декабрьге шекем Бағдарламаға киргизилген объектлердиң иске қосылыўын тәмийинлесин.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».