Энергетика министрлигинен мәлим етиўинше, бул хызметлер ушын ҳақы төлеўде нақ пулдан пайдаланыў толық тоқтатылады. Жаңалық есап-санақлардың ашық-айдынлығын арттырыў, нақ пулсыз төлемлерди раўажландырыў ҳәм жасырын экономика үлесин азайтыўға қаратылған.
Онда бул хызметлерди көрсететуғын барлық объектлер төлем терминаллары ҳәм электрон төлем системаларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеўи керек екенлиги атап өтилди.
Электр энергиясы, газ, суў, бензин, метан ҳәм электромобиллерди зарядлаў ушын нақ пул есап-санақлары 1-апрельден баслап қолланылмайды.