"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 11-декабрь күни арқа ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин, қалған аймақларда жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

12-декабрь күни Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында, кешке шекем Ташкент, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында жаўын жаўыўы күтилмекте. Қарақалпақстанның арқа бөлиминде жаўын-шашын, қар жаўады, қалған аймақларда жаўын-шашын болмайды.

Республика бойынша айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқа ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи.

Ҳаўаның температурасы 9-10-декабрь күнлери күндиз 2-7° жыллы, 11-12-декабрь күнлери әсте-ақырын 13-15° жыллы, айырым жерлерде 16-19° жыллыға шекем көтериледи. 10-11-декабрьде түнде 0-5гр суўық, арқада 5-10гр суўық, 12-декабрьде 2-7гр жыллы.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар), 9-10-декабрьде айырым жерлерде күшли жаўын-шашын болыўы күтиледи. 9-декабрь күни көшки қәўипли жағдай болыўы мүмкин.

Ташкентте: 9-декабрь күни түнде ҳәм азанда, 10-декабрь күни ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Түнде 0-2гр суўық, күндиз 4-7гр жыллы. 11-декабрьде жаўын-шашын болмайды, 12-декабрьде кешке қарай жаўын жаўады. Түнги ҳәм азанғы ўақытлары айырым жерлерге думан түседи.

11-декабрьде түнде 0-2гр суўық, күндиз 8-10гр жыллы, 12-декабрьде түнде 4-6гр жыллы, күндиз 12-14гр жыллы. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.