Пайтахт ҳәкиминиң тийисли қарары E-qaror порталында жәрияланды.
Қабыл етилген қарарға муўапық, төлемли автомобиль турыў орынларына жақын жайласқан турақ жайларда жасаўшылар ушын жыллық резидентлик рухсатнамасы базалық есаплаў муғдарының 1 есеси (412 мың сум) муғдарында болады. Бул баҳа қаланың барлық бес тариф аймағында әмел етеди.
Ҳүжжет пенен ҳәкимниң 2024-жыл октябрьдеги қарарына өзгерислер киргизилмекте, оған бола Ташкентте төлемли автомобиль турыў орынлары системасы енгизилген еди. Жаңа қағыйдалар 2026-жыл 1-февральдан күшке киреди.
Бунда түнги ўақытларда - саат 20:00 ден 08:00 ге шекем бийпул бериледи.
Резидентлик рухсатнамасын алыў ушын арзаны бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы тапсырыў мүмкин.
Төлемли тоқтаў орынлары бар ямаса оларға жақын болған мәҳәллелерде жайласқан турақ жайларда автомобиль ҳәм көшпес мүлкке ийе болған пуқаралар резидентлер деп тән алынады.
Рухсатнама бир автомобиль ушын бир жыл мүддетке рәсмийлестириледи ҳәм электрон реестрде сақланады. Бунда бир мәнзилге көби менен еки резидентлик рухсатнамасын рәсмийлестириўге жол қойылады.