Саида Мирзиёева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде тең ҳуқықлылық идеялары, ҳаял-қызлардың жәмийетлик раўажланыўға қосып атырған үлкен үлесин тән алыў терең тарийхый тамырларға ийе екенин атап өтти. Ол Өзбекстанда ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў бағдарында - билимлендириў, исбилерменлик, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳуқықларын қорғаў тараўларында әмелге асырылып атырған қәдемлер ҳаққында айтып берди.
- Ҳаял-қызлардың ҳуқықларына ҳүрмет пенен қараў, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм тилеклесликтиң әҳмийетин атап өттим. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен ҳәр бир ҳаял-қыз өз потенциалын толық жүзеге шығара алатуғын шараятларды жарататуғынымызға исенемен", - деп жазды Саида Мирзиёева өзиниң Telegram-каналында.











