Сегиз ўәлаятта сел қәўпи жәрияланды

    23 мамыр 2025 1100

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралардан, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши автотранспорт басқарыўшыларынан сергеклик илажларын көриўи соралмақта.

    "Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың 23-27-май күнлери күтилетуғын жаўын-шашынлар себепли республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел қәўпи жәрияланды.

    Соннан:

    Қашқадәрья ўәлаяты:

    - Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;

    Сурхандәрья ўәлаяты:

    Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Бойсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музработ районларында;

    Жиззақ ўәлаяты:

    Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шараф Рашидов, Фориш, Янгиабад районларында;

    Ташкент ўәлаяты:

    Аҳангаран, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

    Наманган ўәлаяты:

    Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;

    Ферғана ўәлаяты:

    Сўх, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

    Әндижан ўәлаяты:

    Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў тасқыны ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Республиканың айырым аймақларында жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин, - делинеди хабарда.