1000 жәрдемге мүтәж халық бийпул скринингтен өткерилип, катаракта анықланған наўқасларда жасалма гәўҳар қойылады.
Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайы Бирлескен Араб Әмирликлериниң “NOOR Dubai” халықаралық шөлкеми менен биргеликте көз катарактасынан қыйналып атырған ўатанласларымызға хирургиялық жол менен офтальмологиялық жәрдем көрсетиў мақсетинде мийрим-шәпәәт акциясына старт берди.
Акция шеңберинде Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында елимиздиң барлық аймақларынан келген жәми 1000 социаллық қорғаўға мүтәж наўқас жоқары технологиялық скрининг тексериўлеринен өткерилип, катаракта кеселлиги анықланғанларға емлеўдиң "алтын стандарты" тийкарында жоқары технологиялық факоэмулсификация усылында жасалма гәўҳар имплантациясы менен хирургиялық әмелият орынланады.
Акция усы жылдың 14-17-апрель күнлери Ташкент қаласында, 17-19-апрель күнлери Самарқанд қаласында - орайдың филиалында өткериледи.
Ҳәр бир наўқасқа операциядан кейин емлениўди даўам еттириў ушын барлық дәри-дәрмақ ҳәм жумсаў қураллары бийпул бериледи.