баннер
20 Mar 2025
01:14

    Самарқанд ўәлаятының бир қатар район ҳәм қалаларының шегаралары өзгертиледи

    22 Fevral 2025 1274

    Әмелдеги 252 гектардан ибарат "Ширин" массивиниң аймағы кеңейтилип, жәми 665 гектар майданды қурайды.

    Сенаттың жалпы мәжилисинде парламент жоқары палатасының ағзалары тәрепинен "Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққында"ғы мәселе қызғын додаланды.

    Мәжилисте Сенаторлар көрип шыққан мәселеде Самарқанд ўәлаяты Ақдәрья районынан 243 гектар, Самарқанд районынан 170 гектар, жәми 413 гектар жер майданы Самарқанд қаласының қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

    Нәтийжеде әмелдеги 252 гектардан ибарат "Ширин" массивиниң аймағы кеңейтилип, жәми 665 гектар майданды қурайды.

    Додалаўлар процесинде тастыйықланған мастер-реже бойынша аймақта 180 мың халыққа мөлшерленген жәми 60 мың квартирадан ибарат 254 көп қабатлы турақ жайлар, 45 социаллық тараў объекти қурылатуғыны мәлим етилди.

    Бул "Ширин" қалашасында қурылыс жойбарларын әмелге асырыў мүддетлери анық режелестирилген ҳәм қурылыс жумыслары үш басқышта алып барылады.

    Итибарлы тәрепи, "Ширин" заманагөй исбилерменлик орайының толық қурылыўы нәтийжесинде түрли тараўларда 50 мыңға шамалас халық ушын жаңа жумыс орынлары жаратылады.

    Сенаторлардың биргеликтеги пикирине бола, ўәлаяттағы шегаралардың өзгертилиўи Самарқанд қаласының архитектуралық келбетин жақсылаў ҳәм абаданластырыў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар ушын тартымлылығын арттырыў, қаланың туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй бизнес, финанслық ҳәм туристлик инфраструктураларды жедел раўажландырыўды тәмийинлеў ҳәм ең тийкарғысы халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

    Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech