Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасындағы санитария ҳәм фитосанитариялық шараятлар ҳаққында Жәҳән саўда шөлкемине ағза мәмлекетлерди хабардар етиў тәртибин енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетине қосымша ўазыйпалар жүкленди:
азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, қағыйдалар, режелер ҳаққында ЖСШға ағза мәмлекетлерди турақлы хабардар етиўди тәмийинлеў;
санитария ҳәм фитосанитариялық илажлар ҳаққындағы жойбарларды наразылық ҳәм усыныслар алыў ушын ЖСШ ағза мәмлекетлерине жибериў;
ЖСШға ағза мәмлекетлердиң наразылықлары ямаса усыныслары ҳәм қарсылықлары тийкарында илажлар жойбарларын қайта ислеў ушын интакер ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға киргизиў;
ЖСШға ағза мәмлекетлер ҳәм мәпдар тәреплердиң тийкарланған сораўларына жуўаплар жибериў.
Президент пәрманына муўапық, Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитария ҳәм фитосанитариялық илажлар ҳаққындағы келисим (SPS Agreement) талапларынан келип шығып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң орайлық аппаратында 3 штат бирлигинен ибарат Санитария ҳәм фитосанитариялық илажлар бойынша мәлимлеме орайы шөлкемлестирилди.