«Санлы әўлад қызлары»: инновациялық идеялардан «ақыллы» шешимлерге шекем

    Бүгин инновациялық санлы платформалар, стандарт емес стартаплары изинен сырт елге билимлендириў сапарына барып атырған қызларға көпшилик ҳәўес етеди.

    "Қызым ИТ тараўына қызығады. Усы бағдардағы таңлаўларда қатнасыў ушын қай жерге, кимге мүрәжат етиўимиз керек?" деген сораўлардың көбейип кеткениниң себеби де сонда. Бундай потенциаллы қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилип атырған илажлардан бири - "Санлы әўлад қызлары" республикалық таңлаўы болып есапланады.

    Ҳәзирге шекем таңлаўда 100 мыңнан аслам қыз қатнасты. Жылдан-жылға жойбарлар көлеми, стартаплар дәрежесинде өсиў бақланбақта. Қызлардың билимлендириў, жасалма интеллект, "жасыл" экономика ҳәм климат өзгериўи сыяқлы бағдарлардағы белсендилигиниң артып баратырғанын глобалласыў орталығы менен байланыстырыў мүмкин. Қалаберди, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы системалы жумыслар да қатаң қадағалаўда. Оларға жаңа имканиятлар жаратып бериў мақсетинде нызамшылықта бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылған. Атап айтқанда, "Санлы әўлад қызлары" жойбары арқалы ҳаял-қызлардың мәлимлеме технологиялары тараўындағы ролин арттырыў, оларды заманагөй кәсиплерге бағдарлаў және ислеп шығылған идея ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсет етилген.

    Ўатанласларымыз бенен бир қатарда, тараўға қызығыўшы сырт елли оқыўшылар да қатнасып киятырғаны таңлаўдың абырайын және де арттырыўға хызмет етпекте. Соның ишинде, БАӘ, Аўғанстан, Әзербайжан, Иордания ҳәм Қытай ўәкиллери өз жойбарларын усыныс еткен. Өткен дәўирде қатнасыўшылар тәрепинен 400 ден аслам жойбар ислеп шығылған. Қуўанышлы тәрепи, алыс-алыс аўылларда да санлы дүньяда өз орнын таўып атырған қызлар табылмақта. Белсендилик бойынша, әсиресе, Хорезм, Қарақалпақстан аймағы ҳәм ойпатлық ўәлаятлары жетекши болып тур.

    Әндижан ўәлаятынан таңлаўда 16-30 жастағы 10 мыңға шамалас қызлар белсене қатнасып, "Жасалма интеллект жәрдеминде билимлендириў процесин жетилистириў", "Жасыл технологиялар тийкарында экологияны қорғаў", "Санлы билимлендириў платформалары", "Ақыллы мобил қосымшалар" сыяқлы идеяларды алға қойды. Район (қала) көлеминде ең жоқары балл топлаған 5 жойбар (ҳәр бир жас категориясында өз алдына) ўәлаят басқышында қатнасыў ушын усыныс етилди. Ўәлаятлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы сектор баслығы Ҳотамбек Бозоровтың айтыўынша, таңлаў шеңберинде үгит-нәсият айлықлары, ҳәптеликлер ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди. Бундай илажлар және көплеген жасларда тараўға қызығыўшылық оятты. ИТ Парк резидентлери, университет студентлери, сондай-ақ, тараўда жумыс алып барып атырған табыслы ҳаял-қызлардың тәжирийбеси менен бөлискени қәбилетли қызларды өз үстинде көбирек ислеўге, жәмийетте мүнәсип орын табыўға ийтермелейди.

    - "Санлы әўлад қызлары" жойбары қызларымызды технологиялар әлемине және де жақынластырды. Олар өз потенциалына исенип, идеяларын санлы шешимлерге айландырмақта. Бул жаслардың белсенди, жуўапкершиликли ҳәм дөретиўши әўлад сыпатында қәлиплесип атырғанының дәлили болып есапланады. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - қызларымызға санлы тараўда оқыў, дөретиў ҳәм раўажланыў ушын қолайлы шараят жаратыў, олардың ҳәр бир идеясын қоллап-қуўатлаў. Себеби санлы пикирлейтуғын инсан өзгерислердиң дөретиўшиси, инновациялардың илҳамландырыўшысы ҳәм келешектиң санлы жетекшиси болып есапланады, - деди Ҳотамбек Бозоров.

    "Жасыл" экономика бағдарына байланыслы стартап жойбары менен итибарға ерискен әндижанлы Робия Соҳибжонова таңлаўды 2021-жылдан берли заманагөй кәсип жолындағы қызларды бир сахнада жәмлеген үлкен майданға теңлестирди.

    - Жасалма интеллект жәрдеминде биологияны үйренбекши болған оқыўшылар ушын Биология инновациялық платформасын ислеп шықтық. Себеби сабақларды офлайн үйрениўге ҳәр қашан да шараят бола бермейди. Сондай-ақ, кеўилдегидей онлайн сабақларды табыў қыйын. Платформамыз арқалы оқыўшылар сабақларды үйренип, билимлерин сынап көре алады. Итибарлы тәрепи, онда виртуал лабораториялардан пайдаланыў мүмкин. Мине, усы тәрепи ушын да жойбарымызға көпшилик қызығыўшылық билдирмекте, - деди таңлаўдың және бир қатнасыўшысы Мадина Даминова.

    Пайтахтымыздағы Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы Чарос Ҳакимова жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын сурдо аўдармашы жойбары менен итибарға түсти. Ол “LOLA AI” атлы бул жумысы менен бир неше таңлаўларда табыслы қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизген.

    Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда 430 миллион адам еситиў менен байланыслы машқаладан азап шегеди. Өзбекстанда болса 30 мыңнан аслам адам сурдоаўдармаға мүтәж. “LOLA AI” жойбары бул талапты жасалма интеллект жәрдеминде сапластырыўға хызмет етеди. АҚШ ҳәм Россияда бул жойбардан әллеқашан пайдаланылмақта. Енди оны мәмлекетимизде де жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

    - Өзбекстанда 2016-жылы тактил әлипбени автоматластырыў бойинша изертлеўлер өткерилген. Сол мағлыўматларға сүйенип, биринши модулди ислеп шықтық. Тезлиги төмен болса да, әлипбедеги барлық ҳәрипти танып алған. Ҳәзирги моделге болса 300 ден аслам сүўрет, әлипбе ҳәм күнделикли қолланылатуғын сөзлер киргизилген. Кейин ала 70 мыңнан аслам сүўретке бейимлестириўди режелестиргенбиз. Платформаның белгилер ҳәм барлық даўысты дурыс аўдарыўы тийкарғы жетискенликлеримизден бири болады, - дейди умтылыўшаң қыз.

    Аўа, бундай жетик идея менен басланған жойбарлар жүдә көп. Олардың презентациясында қатнассаңыз, айырым орынларда қызлардың бийтәкирар идеялары, илимий потенциалына ҳайран қаласыз. Табыс жолын жүдә ерте басып атырған нәзик жәнлик ўәкиллерине ҳәўес етесиз. Себеби, Чарос сыяқлы жас излениўшилер тәжирийбели экспертлер, профессорлардан мәсләҳәтлер, мағлыўматлар алады. Атап айтқанда, “LOLA AI” бойынша да жасалма интеллект бойынша қәнигелер, тәжирийбели программистлер менен сөйлесилген, сурдоаўдармашылар менен мәсләҳәтлескен. Жаслар ислери агентлиги болса бундай жойбарларды қоллап-қуўатлап, әмелий жәрдем көрсетпекте. Чарос ислеп шыққан платформа ҳәзирше сынақ процесинде. Табыслы деп табылса, ғалаба пайдаланыў ушын әмелиятқа енгизиледи.

    - Дем алыў орайларында болғанымда имканияты шекленген заманласларымды көрип, олардың машқалаларына шешим табыўға қарар еткенмен. Кейин ала нийетимди жасалма интеллект жәрдеминде әмелге асырыў идеясы туўылды. Жасалма интеллект пенен болса бирден ислеп кетиў қыйын, аңсатырақ жумыслардан баслаў керек. Өзим де дизайннан баслағанман. Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары қызлар ушын қолайлы тараў. Ҳеш қандай физикалық күш талап етилмейди. Орын таңламайды, дәраматлы, аралықтан ислеў де мүмкин, - дейди Чарос Ҳакимова.

    Буннан 3-4 жыл бурын да санлы технологиялар бағдарында ҳаял-қызлардың қатнасыўы аз екенлиги ҳәм оған шешим табыў ҳаққында көп сөз етилетуғын еди. Өз ўақтында жолға қойылған илажлар бүгинги күнге келип қызларымызды тек ғана республикамыз емес, ал дүнья көлеминде де танытыўға хызмет етпекте. "Санлы әўлад қызлары" таңлаўында табыслы қатнасқан, тараўдың ишине кирип киятырған Мадина Намозова ҳәзирги ўақытта Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң абырайлы басқармасында жетекши қәниге сыпатында ислемекте.

    - Бүгин барлық аймақларда "Санлы әўлад қызлары" координаторлары жумыс алып бармақта. Быйылғы таңлаўда 2000 нан аслам жойбар ўәлаят басқышына өткерилди. Республика басқышында жеңимпаз болған қызлар БАӘ ҳәм АҚШта билимлендириў сапарында болады. Олар дыққатқа ылайық қалаларды көриў менен бирге усы мәмлекетлердеги абырайлы жоқары оқыў орынларының билимлендириў процесслери менен де танысады. Бул жәмийетимизде ИТге қызығыўшы қызларды қоллап-қуўатлаўға хызмет етпекте. Быйыл Жаслар күнинде Президентимиз жойбар менен жақыннан танысып, бизге бир қатар ўазыйпа ҳәм тапсырмалар берди. Соннан келип шыққан ҳалда қызлардың көнликпеси ҳәм билимин және де арттырыўды мақсет еттик, - дейди Мадина Намозова.

    Аўа, "Санлы әўлад қызлары" таңлаўы тек ғана беллесиў, атына ғана қатнасыў емес, ал жаңа санлы ой-пикирге ийе жас ҳаял-қызларды тәрбиялап атырған кең көлемли билимлендириў ҳәм социаллық жойбар екени менен баҳалы.

    Муножат МУМИНОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates