баннер
30 Mar 2025
17:54

    Сақаўат, аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм шүкиршилик мәўрити

    Ата-бабаларымыз Рамазанды ҳақыйқый жақсылық айы дейди. Бул айда мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат және де артады.

    Усы жылдың 25-март күни мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткерилген ифтарлық мәресиминде де усы тәреплер еске алынып, мүбәрек айда гөззал диярымызда мине усындай пайызлы ифтарлық мәресимин ел-халқымыз бенен биргеликте өткериў несип еткени ушын Алла таалаға есапсыз шүкиршилилик айтылды.

    Мәмлекетимиз басшысының "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында"ғы қарары жәрияланғанына да бир ай болыпты. Сол ўақытта бул ҳүжжетте халқымыз ушын жақсылық, тилеклеслик, уллылық ҳәм шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, диний-ағартыўшылық, мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм улығлаўға байланыслы бир қатар ўазыйпалар белгиленгенин оқып, ҳәммемиз қуўанғанымыз ҳақыйқат.

    Өткен ўақыт даўамында елимиз бойлап ҳәм мәмлекетимиз, ҳәм сақаўатлы ўатанласларымыз тәрепинен қайыр-сақаўат илажлары, саўаплы әмеллер орынланды. Пайызлы ай даўамында елимиздеги 9,5 мыңға шамалас мәҳәлледе кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларда ифтарлық дастурханлары жайылғаны бул бағдардағы қайырлы жумыслардың тек ғана бир бөлеги.

    "Рамазан - сақаўат, тилеклеслик ҳәм кеңпейиллик айы" сүрени астында өткерилип атырған бундай қайырлы мәресимлер инсан қәдирин улығлаў, пәк мақсетли барлық ўатанласларымызды және де бирлестириўге хызмет етпекте.

    Себеби, Президентимиз айрықша атап өткениндей, "… Шынында да, бул өмир әйне жақсылықлар себепли бәрқулла жарық ҳәм даўамлы болып есапланады".

    Төменде бир топар ўатанласларымыздың мәмлекетимиз басшысының усы ифтарлық мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзине байланыслы пикир-усыныслары менен танысасыз.

    ПАЙЫЗЛЫ АЙДА ЕТИЛГЕН ДУЎАДА ГӘП КӨП

    Рамазан мусылман әлеминде ең мүбәрек ҳәм пазыйлетли айлардан бири болып есапланады. Муқаддес китабымыз - Қураны кәрим де усы айда түсирилген. Рамазан айында Жаратқанның мийрими ҳәм мағфираты жаўады, ибадатлар қабыл, дуўалар ижабат, қайырлы әмеллерге есапсыз саўаплар жазылады. Соның ушын ҳәмме бул айда саўаплы ислер ислеўге асығады.

    Рамазан айының ең қайырлы илажларынан бири ораза тутқанларға берилетуғын ифтарлық болып есапланады.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мүбәрек Рамазан айында елимиздеги нураный ақсақаллар, мийнет ветеранлары, зыялылар, түрли дин, миллет ҳәм конфессиялардың ўәкиллериниң қатнасыўында ифтарлық өткериў дәстүрге айланып бармақта. Әлбетте, мине усындай илажлар көп миллетли халықларымызды бир-бири менен және де жақынластырады, өз-ара мийрим-шәпәәтти арттырады. Әҳмийетлиси, мәмлекетимиз басшысы ифтарлық мәресиминде жеке өзи қатнасады.

    25-март күни республикамыз бойлап өткерилген ифтарлық алдынан Президентимиз және бир мәрте барлық ўатанласларымызды мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлады, биз дин ўәкиллери алдына перзентлеримизди илим-ағартыўшылыққа үгит-нәсиятлаў, жат идеялар тәсиринен сақлаў бағдарында анық ўазыйпалар қойды.

    Ҳақыйқатында да, илим-дүнья ҳәм ақырет қутқарыўы болып есапланады. Муқаддес Қураны кәрим китабымыздың биринши түсирилген аяты да "Иқра!" ("Оқы!") деп басланған.

    Перзентлеримиз илим-мәрипатлы, заманагөй кәсип-өнерлердиң жетик қәнигеси болыўы ушын барлық шараятларды жаратып берсек, олардың санасында, бәринен бурын, ана журтына, шаңарағына деген меҳир сезимлерин қәлиплестирсек, ислам дининиң ҳақыйқый мазмун-мәнисин түсиндирсек, олар келешекте, әлбетте, ўатанымыздың пайдасына жарамлы бәркамал инсанлар болып камалға келеди ҳәм ҳәр қыйлы жат идеялар тәсиринен сақланады.

    Дүньяның түрли регионларында өз ара келиспеўшиликлер, урыслар, диний радикализм ҳәўиж алмақта. Мине усындай тынышсыз, қәўетерли заманда жасларымыздың санасын ийелеўге қаратылған ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден сақлаў, оларды илим алыўға, дурыс жолға шақырыўдың үлкен әҳмийети бар.

    Дуўада гәп көп. Дуўалар қабыл болатуғын күнлерде турмыз. Рамазан айы шарапаты менен елимиздиң көплеген мешитлеринде, соның ишинде, Жиззақ ўәлаятындағы 117 мешитте Қуран хатмы өткерилмекте. Ҳәр күни хатмоналарда, ифтарлықларда мәмлекетимиздиң тынышлығы-татыўлығы, раўажланыўы, абаданлығы, халқымыз дастурханының абаданлығы даўамлы болыўын тилеп дуўалар қылынбақта.

    Илайым, дуўаларымыз қабыл болып, әзиз елимиз бәрқулла тыныш, аспаны ашық болсын!

    Меҳмонхон ЖАББОРОВ,

    Жиззақ ўәлаяты бас имам-хатиби

    ***

    ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРДЕ ЖЕКЕ ҮЛГИ ҮСТИНЛИК ЕТЕДИ

    Қутлы ҳәм берекетли Рамазан айында миллетлер ҳәм динлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик, мийрим-шәпәәт, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў сыяқлы ийгиликли пазыйлетлеримиз және де кеңнен көринбекте.

    Соның ишинде, орынларда кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысы жоқ шаңарақлар, майыплығы болған адамлар, жалғыз кекселердиң ҳалынан хабар алынып, ифтарлық илажларының шөлкемлестирилип атырғаны, көплеген шаңарақларға ифтарлық илажы ушын ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлериниң жеткерип берилип атырғаны халқымыздың қаншелли сақаўатлылығын көрсетеди.

    Усы ҳәптениң сийшемби күни елимиз бойлап шөлкемлестирилген ифтарлық илажында да Қураны кәрим аятлары оқылып, дүньяға тынышлық, мәмлекетимизге абаданлық, қайырлы реформаларға даўамлылық, шаңарақларға тыныш, абадан турмыс, пайыз-берекет тилеп, пәтияға қол жайылды.

    Илажда мәмлекетимиз басшысы елимиз ҳажыларының да көплеген саўаплы жумысларда жеке үлги көрсетип, үлги болып атырғаны бәршемизди қуўандырып атырғаны ҳаққында айтып, бундай саўаплы жумыслар ушын оларға бәршемиз шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз, деген сөзлерин тиккелей тыңлап, мәҳәллемиздеги пидайы инсанлар көз алдымнан өтти.

    Аймағымызда 20 дан аслам ҳажы бар. Олар ҳәр жумыста бизге жәрдемши болмақта. Жаслар менен ағартыўшылық ушырасыўлар шөлкемлестириў, тәрбиялық жумыслар алып барыў сыяқлы режелеримизди ҳажыларымызсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Әйне олардың басламасы менен кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, мүтәж шаңарақларға турақлы түрде материаллық жәрдем көрсетилип келинбекте. Олар өсип киятырған жас әўлад ўатансүйиўши, руўхый, ағартыўшы, ата-анасына, елине хызмет ететуғын садық, әдил перзентлер болыўы ушын өз үлесин қосыўға бел байлаған.

    Наўрыз байрамы алдынан мәҳәллемиз халқы менен шөлкемлестирилген нәл егиў илажында жаслар қатарында нураныйларымыз да белсендилик көрсетти. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына үлес қосыўды өзине миннет деп билген ҳажыларымыздың қатнасыўында мәҳәллемиз аймағына көплеген терек ҳәм гүл нәллери егилди, мешит ҳәм қойымшылық әтираплары абат етилди.

    Ҳақыйқатында да, перзентлеримизди илим-мәрипатқа үгит-нәсиятлаў, жат идеялар тәсиринен сақлаў бағдарында имам-хатиблеримиз, көпти көрген ата ҳәм аналарымыз, мәҳәлле белсендилери, ҳажыларымыздың орны шексиз. Әсиресе, теберик орынларды зыярат еткен ўатанласларымыз ибратлы пазыйлетлери, жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы менен бәршемизге үлги болмақта.

    Манзура ВАЛИЕВА,

    Шайхантаҳур районындағы "Янгиобод" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech