Мағлыўматларға қарағанда, буннан тысқары Тәжикстан да бул имканияттан айырылған. Саудия ҳүкимети бул бойынша рәсмий түсиник бермеген.
Мағлыўмат ушын, 2025-жылғы ҳаж мәўсиминде Өзбекстан пуқаралары ушын 15 мың квота ажыратылған.
Еслетип өтемиз, Дубайдағы пышақласыў ақыбетинде 15 өзбекстанлы қолға алынғаны бойынша СИМ рәсмий түсиник берип, нызамбузыўшылық жағдайларының көбейип атырғаны визасыз режимге тәсир көрсетиўи мүмкин екени ҳаққында хабар берилген еди.