баннер
5 Apr 2025
10:14

    Саудия Арабстанында IT Park Uzbekistan ўәкилханасы ашылды

    Бул Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўде әҳмийетли басқыш болды.

    Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында IT Park Uzbekistan ўәкилханасының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти. Бул Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўде әҳмийетли басқыш болды.

    Ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов шығып сөйледи.

    - Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны инновациялық экосистемалары арасындағы еки тәреплеме байланыслар жедел пәтлер менен раўажланып бармақта. Бул региондағы шериклердиң мәмлекетимиздиң жедел раўажланып атырған технологиялық секторына болған қызығыўшылығын сәўлелендиреди, - деди Шерзод Шерматов.

    Министрдиң атап өтиўинше, бундай басламалар экономикалық бирге ислесиўди беккемлейди. Жаңа жумыс орынларын жаратыўға жәрдемлеседи, жергиликли қәнигелердиң кәсиплик өсиўи ҳәм раўажланыўы ушын имканиятлар ашады.

    Илаж шеңберинде мийманлар Өзбекстанның IТ секторын ҳәм бизнес орталығын қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарламалары, соның ишинде, раўажланып атырған стартап экосистемасы ҳәм оларды раўажландырыў ушын жаратылып атырған шараятлар менен танысты.

    IТ Парктиң Саудия Арабстанындағы ўәкилханасы еки мәмлекеттиң инновациялық экосистемалары арасында бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды қоллап-қуўатлаўшы көпир болады.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech