Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги
ўәкиллери ири халықаралық компания ҳәм шөлкемлердиң басшылары менен сөйлесиў
өткерди. Додалаўлар даўамында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық
шериклердиң шығындыларды нәтийжели басқарыў ҳәм экологиялық қәўипсизлик
тараўындағы биргеликтеги ҳәрекетлериниң әҳмийети атап өтилди.
Ушырасыўлар
жуўмағында Шығындыларды басқарыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў
агентлигиниң директоры Шарифбек Ҳасанов, Саудия Арабстанының Vision
International Investment Company компаниясының президенти Омар Альмидани ҳәм
Францияның SUEZ International компаниясының Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша бас
директоры Сильвер Делоне нийет ҳаққындағы келисимге (Head of Terms) қол қойды.
Ҳүжжет қәўипли
шығындыларды қайта ислеў тараўында бирге ислесиўди нәзерде тутады. Жойбардың
улыўма баҳасы 78 миллион АҚШ долларын қурайды.
Атап өтилиўинше,
100 ден аслам мәмлекеттен 10 мыңнан аслам қатнасыўшыны бирлестирген Ташкент
халықаралық инвестициялық форумы шерикликти беккемлеў ҳәм Өзбекстанда турақлы
раўажланыў ҳәм "жасыл" экономика тараўында әмелге асырылып атырған
реформаларға исенимди тастыйықлаў ушын әҳмийетли халықаралық майданға айланды.