Жарыс Түркий дүнья жаслары пүткил жер жүзилик фонды, Түркия дәстүрий гүрес түрлери федерациясы, Хатай ҳәм Яйладагы муниципалитетлери менен биргеликте Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Жарыста ТМШға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер, соның ишинде, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Әзербайжан ҳәм Түркияның миллий сайланды командаларының палўанлары қатнасты. Илаждың ҳүрметли мийманлары шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Түркиядағы елшилери, сондай-ақ, ТМШ Ақсақаллар кеңесиниң баслығы Бинали Йылдырым болды.

9 спортшыдан ибарат Өзбекстан сайланды командасы жарыста мүнәсип қатнасып, улыўма командалық есапта қатнасыўшы мәмлекетлердиң командалары арасында 2-орынды ийеледи.

Жеке беллесиўлерде де Өзбекстан сайланды командасы спортшылары жоқары нәтийжелерди көрсетти. 55 килограммға шекемги салмақ категориясында Анвар Эшпулатов алтын медальды қолға киргизген болса, 60 килограммға шекемги салмақ категориясында Қуанышбек Садинов бронза медалы, 85 килограммға шекемги салмақ категориясында Сардорбек Абдураҳманов үшинши орынды ийеледи.

Ерисилген нәтийжелер айрықша әҳмийетке ийе болып, елимизде миллий спорт түрлери, атап айтқанда, гүрести раўажландырыў, спортшыларды қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың нәтийжелилигинен айқын дәрек береди.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери өзлериниң жарқын жеңислерин Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышлап, ҳүрметли Өзбекстан Президентине оның басшылығында спортты раўажландырыў, жергиликли спортшчылар ушын кең имканиятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ушын терең миннетдаршылық билдирди.