Сенат Баслығы марҳум белгили илим ҳәм мәденият ғайраткерлериниң шаңарақларына мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған белгили илимпаз, жазыўшы ҳәм шайырлардың шаңарақ ағзаларының үйлеринде болды.

    Жыллы ҳәм қызғын орталықта Сенат Баслығы "Фидокорона хизматлари учун" орденин:

    • Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, жазыўшы Вали Ғафуров;
    • Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, әдебияттаныўшы илимпаз, аўдармашы Тохтасин Жалолов;
    • Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери, жадид таныўшы илимпаз Бегали Қосимов;
    • Өзбекстан Республикасы халық шайыры Қуддус Мухамедов (Қуддус Муҳаммадий);
    • Өзбекстан Республикасы халық шайыры Турсунали Парфиев (Рауф Парфи);
    • Өзбекстан Илимлер академиясы академиги, әдебияттаныўшы илимпаз Алибек Рустамов (Алибек Рустамий);
    • Өзбекстан Республикасы халық шайыры Муҳаммаджон Юсуповтың (Муҳаммад Юсуф) шаңарақ ағзаларына тапсырды.

    Шаңарақларға сапар даўамында олардың жақынларына Өзбекстан илими, әдебияты ҳәм мәдениятын раўажландырыўға, жәмийетте мийрим-шәпәәт, әдиллик ҳәм руўхый раўажланыў принциплерин енгизиўге қосқан үлеси ушын терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирилди.

    Өз гезегинде, сыйлықланғанлардың шаңарақ ағзалары мәмлекет Президентимизге бул уллы инсанлардың мийнети ҳәм хызметлери жоқары баҳаланғаны, мәмлекетимизде әўладлар мәденияты ҳәм естелигине итибар ҳәм ғамқорлық көрсетилип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.