Сенатта АҚШтың Юта штаты делегациясы менен ушырасыў болып өтти

    Усы жылдың 15-май күни Сенат Баслығы Танзила Нарбаева АҚШтың Юта штаты Сенатының Баслығы Стюарт Адамс басшылығындағы делегация менен ушырасты.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм АҚШ қатнасықларының унамлы пәти, соның ишинде, парламентлераралық байланыслардың кеңейип атырғаны атап өтилди. Усы көзқарастан АҚШ Конгрессиндеги "Өзбекстан бойынша кокус" ҳәм Олий Мажлистеги Парламентлераралық бирге ислесиў топарының жумысы жоқары баҳаланды.

    Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, билимлендириў ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, парламент дипломатиясы шеңберинде шерикликти кеңейтиў мәселелерин додалады.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм АҚШ бирге ислесиўин және де тереңлестириў, соның ишинде, оны регионаллық ҳәм парламентлераралық дәрежеде раўажландырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates