Сенатта БМШ ўәкили менен әҳмийетли мәселелер додаланды

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының (БМШ НЖБ) Аўғанстан, Орайлық Азия, Пакистан ҳәм Ирандағы регионаллық ўәкили Оливер Штолпе менен ушырасыў өткерди.

    Онда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жоқары баҳаланып, бул процесслерде БМШ НЖБ мәмлекетте әмелге асырылып атырған жумысларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлиги билдирилди.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстанда коррупцияға ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген.

    Сөйлесиў ўақтында коррупция ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўде парламенттиң ролине итибар қаратылып, бул өз гезегинде халықаралық көлемде тән алынған беккем нызамшылық системасын қәлиплестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, Өзбекстанның бул бағдардағы тәжирийбеси халықаралық дәрежеде үлги бола алатуғыны тән алынды.

    Өзбекстанның адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, оған байланыслы жынаятларды анықлаў ҳәм айыпкерлерди жуўапкершиликке тартыў жумыслары сезилерли дәрежеде жақсыланғаны, мийнет мигрантларының ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жетискенликлери атап өтилди. Бул мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги орны жақсыланыўында өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.

    Тәреплер жынаятшылықтың алдын алыўда заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланыў тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге, сондай-ақ, глобал қәўип-қәтерлер - санластырыў, мийнет миграциясының кеңейиўи ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларды есапқа алған ҳалда 2026-2030-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўдиң жаңа "жол картасы"н таярлаўға келисип алды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates